slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Президентимиз исенимин ақлап атырған университет жаслары | | Karakalpak state university

Президентимиз исенимин ақлап атырған университет жаслары

 Президентимиздиң 2020-жылғы шет елде билим алып атырған студентлерди өз елимизде ҳеш қандай имтиханларсыз оқыў орнын көшириў ҳаққында халыққа мүрәжати арқалы көплеген жасларымыз өз елинде оқыўын даўам етиў бахтына миясар болды.

 Сол қатарлы Қарақалпақ Мәмлекетлик университети оқыў дәргайына да көп ғана студент жаслар қабылланды. Сол қатары бизиң факультетимизге де қабылланған студентлер арасында 4-басқыш студенти Aймуратова Турсынайды мақтаныш етип айтыўға арзыйды.

Оқыўын кеше ғана көширип келиўине қарамастан бул қызымыз оқыў барысында ҳәм жәмийетлик жумысларда белсенди қатнасып, жақсы нәтийжелер көрсетип келмекте. Усы жылы 13-февраль айында Инновация Раўажланыў Министрлиги жанындағы Жаслар Aкадемиясы Қарақалпақстандағы «Start up» жойбарларын таңлап алыў бойынша жойбарлар көргизбесин өткерди. Усы көргизбеде университетимизден Илимий инновациялық исленбелерди коммерцияластырыў бөлим баслығы Дамир Жуманиязов басшылығында 13 «Start up» жойбар қатнасты. Солар қатарында факультетимизден Қазақстан Республикасынан оқыўын көширип бизде даўам етип атырған 4-басқыш студенти Aймуратова Турсынай “I Smart Farming» Aўыл хожалығын басқарыў системаcын автоматластырыў жойбары менен қатнасып, келген тѳрешилер тәрепинен итибарға алынып ҳәм бул жойбарды раўажландырыўға итибар қаратыў керек екенлигин тилге алып өтти ҳәмде Aймуратова Турсынайға «Жаслар Aкадемиясы ағзасы» нышаны берилди.

Химия-технология факультети

 Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары:  Г.Султанов.

 

 

 

 

Пайдалы дереклер