slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
СТУДЕНТЛЕР ТУРАР ЖАЙЫНДА АШЫҚ СӘЎБЕТЛЕСИЎ БОЛЫП ѲТТИ | | Karakalpak state university

СТУДЕНТЛЕР ТУРАР ЖАЙЫНДА АШЫҚ СӘЎБЕТЛЕСИЎ БОЛЫП ѲТТИ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлер турар жайында университет ректоры А.Реймовтың басшылығында ушырасыў болып ѳтти.

Университет ректораты тәрепинен шѳлкемлестирилген ушырасыўда студентлер турар жайында жасап атырған студентлердиң турмыс жағдайы менен жақыннан танысып, олар менен ашық сәўбетлесиў алып барылды.

Студентлер менен пикирлесиў даўамында жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында кеңнен сѳз болып, бундай шараятлардан толық пайдаланыў барысында студент жаслар ѳзлериниң пикирлерин билдирди.  Оқыў системасын жақсылаў, сондай-ақ, студентлердиң билимди тереңирек ийелеўи ушын нелерге кеўил бѳлиниўи кереклиги бойынша студентлердиң  пикир-усыныслары тыңланды.

Ушырасыўда университет ректоры А.Реймов студентлер менен еле де тығыз байланыста болыўы ушын бундай ушырасыўларды тез-тезден ѳткерип баратуғынлығын айтып ѳтти.

Ушырасыўға университеттиң оқыў ислери бойынша проректоры О. Дуйсенбаев, жаслар менен бирге ислесиў бойынша проректоры С.Алауатдинов ҳәм ҳаял-қызлар бойынша мәсләҳәтшиси И. Сейтназаровалар қатнасты.

– Сизлерди қыйнап атырған қандай машқала болса айтсаңыз, университет ректораты сизлердиң машқалаларыңызды үйренип шығып, унамлы шешип бериўге тайын, деп айтып ѳтти ректорымыз. Бизлер бундай ғамхорлықтан миннетдармыз, -дейди университет турар жайында жасаўшы бир топар студент жаслар.

 

Пайдалы дереклер