slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Мақсетимиз ата-аналар менен бирге ислесиў | | Karakalpak state university

Мақсетимиз ата-аналар менен бирге ислесиў

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Санаат технологиясы факультетинде усы жылдыӊ 2 март күни  ата-аналар менен бирге ислесиўди беккемлеў, олар менен тығыз байланыста болыў мақсетинде студентлердиӊ ата-аналары менен ушырасыў шөлкемлестирилди. Ушырасыўды факультет деканы Р.Қурбаниязов кирис сөзи менен ашып берип, университетте ҳәм факультет көлеминде алып барылып атырған илимий, руўхый ағартыўшылық жумыслар, Президентимиз Ш.М.Мирзиёев тәрепинен берилип атырған имканиятлар ҳәм итибар ҳаққында айтты, студент-жаслардың бундай имканиятлардан дурыс пайдаланыўлары ҳәм студентлердиң оқыў дәўиринде профессор-оқытыўшылар ҳәм оқыўдан тыс ўақытларда ата-аналар перзентлерин қатаң қадағалаў кереклиги ҳаққында айрықша тоқтап өтти. Ушырасыў кешесинде ата-аналарға перзентлериниң ерискен табыслары, айырым жаслар тәрепинен жол қойылған кемшиликлер ҳаққында толық мағлыўматлар берди.

Бунан соӊ факультеттиӊ жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Ш.Мусиров тәрепинен тийкарынан тәлим-тәрбия жумыслары, профессор-оқытыўшылардың ата-аналар менен бирге тәлим-тәрбия жумысларын және де жақсылаў, студент-жасларды миллий идеологияға садық етип тәрбиялаў, студент-жаслар арасында хуқықбузарлық, жынаятшылық ҳәм нәшебентликке қарсы гүресиўге, кийиниў мәденияты, ғалабалық қәўиплер көринислеринин жаслар тәрбиясына кери тәсири ҳәм оның алдын алыўға қаратылған ỹазыйпалар ҳаққында айтып өтилди.

Сондай ақ, ушырасыўда студент-жаслардың  бос ўақытларын мазмунлы ҳәм кеўилли өткериў, студентлердиң сабақ таярлаў, өз үстинде жумыс ислеўи, дем алыўы, спорт, ҳәм басқа дөгерек, клубларға қатнасыўы ушын университетте жаратылған барлық шараятлар (интернет ханалары, спорт секциялары, диспут клублары, дөгереклер, студентлер турар жайындағы шараятлар) ҳаққында ата-аналарға мағлыўматлар берилди. Ата-аналар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Ушырасыў соӊында ушырасыўға келген ата-аналарға миннетдаршылық билдирилип, белсенди студентлердиӊ ата-аналарына Университет ректоры атынан алғыснамалар тапсырылды.

 

Санаат технологиясы факультети 2-курс студенти А.Жолдасбаева

 

 

 

Пайдалы дереклер