slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
СТУДЕНТ ЖАСЛАР АРАСЫНДА ТУТЫНЫЎШЫЛЫҚ ҲУҚЫҚЫЙ САЎАТЛЫЛЫҒЫН АСЫРЫЎ | | Karakalpak state university

СТУДЕНТ ЖАСЛАР АРАСЫНДА ТУТЫНЫЎШЫЛЫҚ ҲУҚЫҚЫЙ САЎАТЛЫЛЫҒЫН АСЫРЫЎ

 Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама базарын тәртипке салыў басқармасы тәрепинен «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында 15-март дүнья жүзилик Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў күни мүнәсибети менен ушырасыў болып ѳтти.

Ушырасыўды университеттиң жаслар менен ислесиў бойынша проректоры С.Алаўатдинов басқарып барды.

Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў агентлигиниң басқарма баслығы Қ.Садыков сѳзге шығып, тутыныўшылар ҳуқықлары ҳаққында студент жасларға кеңирек түсиник берип ѳтти.

Ушырасыў барысында «Санлы мәкандағы тутыныўшы» темасындағы презинтациясы қойып берилди. Сондай-ақ, тийисли тараў қәнигелери қатнасып, студентлерге жеке турмысы ушын әҳмийетли болған мағлыўматлар берди. Студентлер тәрепинен ҳәр қыйлы бағдардағы ҳуқықый саўатлылығын беккемлеў ушын зәрүр болған сораўлар берилди.

 Студент жаслар арасында тутыныўшылық ҳуқықый саўатлылығын асырыў ҳәм усы бағдардағы билимлерди үгит-нәсиятлаўға қаратылған илаж оғада тәсирли болып ѳтти.

 

Пайдалы дереклер