ДАҒАЗА | | Karakalpak state university

ДАҒАЗА

 

               Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳаял-қызлар машқалаларын шешиў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў мәселелерин талқылаўға байланыслы видеоселектор жыйналысында усыныс етилген әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм де халықаралық «Шаңарақ күни»  мүнәсибети менен «Пандемия шараятында шаңарақта тынышлық ҳәм татыўлықты сақлаўдың әҳмийетли ўазыйпалары ҳәм машқалалары» темасында Өзбекстан Республикасы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги қасындағы «Мәҳәлле ҳәм шаңарақ» илимий-изертлеў институтында 2021-жылдың 10-май күни республика илимий-әмелий конференциясы өткериледи.

Бул конференция төмендеги темалар бойынша өткериледи:

  1. “COVID-19” коронавирусы тарқалыўы мүнәсибети менен жәрияланған пандемия ҳәм мәжбүрий карантин шәраятында шаңарақларда дусласқан машқалалар ҳәм олардың шешимлери.
  2. Өзбекстанда шаңарақ психологиясы тараўын раўажландырыў: әмелий жағдай анализи, ўазыйпалар ҳәм шешимлер.
  3. Пандемия шараятында адамлар арасындағы сәўбетттиң психологиялық аспектлери: машқалалар, позитив шешимлер ҳәм трансформациялар.
  4. Пандемия шараятында шаңарақта теңлик ҳәм татыўлықты сақлаўдың миллий-дәстүрий ҳәм заманагөй-инновациялық усыллары.
  5. Пандемия шараятында шаңарақта келиспеўшиликлердиң алдын алыўда мәҳәллениң орны.
  6. Шаңарақта келиспеўшиликлердиң алдын алыўда психологлардың орны, абыройы, машқалалары ҳәм әҳмийетли ўазыйпалары.

Конференция ушын жиберилетуғын текстлер бойынша талаплар:

  1. Конференцияның рәсмий тили: өзбек, рус, инглис тиллери.
  2. Текст Microsoft Word редакторы, Times New Roman шрифти, 14 өлшем, 1.5 интервал, жоқары ҳәм төменнен 2 см, оңнан 1.5, шептен 3 см қалдырып, көлеми 6-8 бет болыўы керек.
  3. Дәслепки бетинен соң автордың аты, фамилиясы, әкесиниң аты, илимий дәрежеси, жумыс орны көрсетиледи. 1 интервал таслап, тийкарғы текст жазылады.
  4. Жиберилетуғын файл-автордың фамилиясы менен аталған болыўы шәрт.
  5. Текстте келтирилген барлық мағлыўматлар мазмуны ҳәм мәниси ушын жуўапкершилик автордың мойнында қалады.
  6. Конференция материаллары мақалалар топламы ҳалында баспадан шығарылады.
  7. Тезислер ҳәм қатнасыўшылар анкетасы электрон формада төмендеги мәнзилге (ranohon2013@gmail.com) 2021 йил 20-апрельге шекем, мақалалар тексти болса 2021 жыл 30-апрельге қабыл етиледи.
  8. Дедлайн: 2021-жыл 30-апрель күни кешке шекем. Конференция қатнасыўшылары дизимин өз ўақтында таярлаў ушын кеш қалмаўыңызды сораймыз.
  9. Форма ҳәм мазмун талапларына жуўап бермейтуғын тезислер топламға киритилмейди.

 

 

Байланыс ушын телефон: +99897 145-15-07 (телеграмм каналы)

 

Пайдалы дереклер