ПӘН ОЛИМПИАДАСЫ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ АНЫҚЛАНДЫ | | Karakalpak state university

ПӘН ОЛИМПИАДАСЫ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ АНЫҚЛАНДЫ

            Студент жасларымыз арасынан зийрек, билимли жасларды таңлап алыў ҳәм оларды кәсипке бағдарлаў мақсетинде техника жѳнелиси бакалавр бағдары 1-курс студентлери ушын университет кѳлеминде «Сызыў, геометрия ҳәм инженерлик графика» пәнинен пән олимпиадасының l туры ѳткерилди. Бунда Архитектура қәнигелиги студенти Н.Қошқарбаева l-орынды, имарат ҳәм сооружениелер қурылысы қәнигелиги студенти Б. Мақсетова ҳәм архитектура қәнигелиги студенти А.Султановлар ll ҳәм lll орынларды ийелеп, Қарақалпақ мәмлекетлик университети  ректорының «ҲҮРМЕТ ЖАРЛЫҒЫ» ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

       Жеңимпаз студентлер Республика кѳлеминде болып ѳтетуғын пән олимпиадасының ll турына қатнасыў ушын жоллама алды.

 

 

 Аманбай Арзиев

Архитектура кафедрасы үлкен оқытыўшысы.

 

Пайдалы дереклер