slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
ҚӘБИЛЕТЛИ ҚЫЗЛАРҒА ИМКАНИЯТЛАР ЕСИГИ АШЫЛАДЫ | | Karakalpak state university

ҚӘБИЛЕТЛИ ҚЫЗЛАРҒА ИМКАНИЯТЛАР ЕСИГИ АШЫЛАДЫ

Мәмлекетимиз басшысының жоқары мағлыўматлы болыўды қәлеген, қәбилетли, билими бар, бирақ тәғдирине бола әрманына жетисе алмаған ҳаял–қызларды хошаметлеў системасын енгизиў бойынша видеоселекторда берген тапсырмасы бизди оғада қуўандырды.

Ҳәзирги ўақытта студентликке мүнәсип, бирақ экономикалық жағдайы болмағаннан соң, шәртнама тийкарында оқый алмаған ямаса жоқары курсларда шәртнама пулларын төлеўге қыйналып қалған қызларымызды қаржылай қоллап-қуўатлаўдың имканиятын таба алмаған ўақытлар ядыма түсти.

Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжаты ҳәм тапсырмалары тийкарында быйылғы оқыў жылынан баслап қәбилетли, социаллық жәрдемге мүтәж студентлерди хошаметлеў бойынша кең көлемли жумыслар басланды. Мәселен, усы жылы социаллық қорғаўға мүтәж және «темир дәптер» дизиминдеги шаңарақлардың перзентлери болған, ҳәзирги күнде Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде оқып атырған 45 студент-қызға бир жыллық шәртнама пуллары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен төлеп берилди.

Сондай-ақ, усы категориядағы 56 студент-қыздың ҳәр бирине бир миллион сум муғдарында университеттиң студентлерди хошаметлеў қорының есабынан қаржы ажыратылды.

Мен бул жоқары билимлендириў мәкемесинде 30 жылдан берли жумыс ислеп атырған болсам, соның 14 жылында тиккелей ҳаял-қызлардың мәселелери менен ислесемен. Усы ўақытқа шекем мәмлекетимиз тәрепинен ҳаял-қызларға буншелли жоқары итибар болмаған еди. Президентимиздиң белгилеп берген ўазыйпаларынан руўхымыз көтерилди. Жуўапкершиликти терең сезинип, жумысқа жаңа ғайрат пенен киристик.

Ҳәзирги ўақытта мийнет жәмәәтимиздеги ҳаял-қызлардың машқалаларын сапластырыў, социаллық жәрдемге мүтәж студент-қызларға жәрдем бериўге қаратылған илажларымызды белгилеп алмақтамыз. Итибарлы тәрепи, бул жаңа система қәбилет ийелерине үлкен имканиятлар есигин ашады.

                                                                                                             Инжайым СЕЙТНАЗАРОВА,

                                                                                                       Бердақ атындағы  ҚМУ ректорының

                                                                                                           ҳаял-қызлар мәселелери

                                                                                                            бойынша мәсләҳәтшиси,

                                                                                                              университет ҳаял-қызлар

                                                                                                             кеңесиниң баслығы.

 

 

Пайдалы дереклер