slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
ДАҒАЗА!!! | | Karakalpak state university

ДАҒАЗА!!!

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Илим тараўындағы мәмлекет сиясаты ҳәм инновациялық раўажландырыўдағы мәмлекет басқарыўын және де жетилистириў иләжлары ҳаққында” 2021-жыл 1-апрелдеги ПҚ- 5047-санлы қарарыныӊ 1-қосымшасы менен тастыйықланған “Илим тараўындағы мәмлекет сиясаты ҳәм инновациялық раўажландырыўдағы мәмлекет басқарыўын және де жетилистириўге қаратылған иләжлар бағдарламасы”ныӊ 19-бәнтинде Жаслар академиясы ағзалары хызмет көрсетиўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм олардың илимий жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша иләжларды әмелге асырыў тапсырмасы берилген.

          Усы тапсырма орынланыўы бойынша Жаслар академиясы ағзалары ушын ҳәр жылы “стартап” ҳәм усыныс етилген жойбарлар таңлаўын шөлкемлестириў ҳәм де Жаслар академиясы ағзаларын абырайлы шет ел илимий орай ҳәм шөлкемлерине илимий стажировкаларға жибериўди шөлкемлестириў илажларын әмелге асырыў нәзерде тутылған.

 Сол мүнәсибет пенен Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң инталы жаслары, студентлери ҳәм 40 жастан аспаған изертлеўши ҳәм де алымлары  https://yoshlarakademiyasi.uz/registration – form/ сайты арқалы Жаслар академиясына  ағза болыўлары ҳәм https://yoshlarakademiyasi.uz/ интернет сайтында дағаза етилетуғын таңлаўларда қатнасыўыӊыз мүмкин екенлигин хабарлаймыз.

 

Илимий инновациялық исленбелерди коммерцияластырыў бөлими.

 

 

Пайдалы дереклер