ЭКОНОМИКА ФАКУЛЬТЕТИ ЖАСЛАРДЫҢ БӘНТЛИГИН ТӘМИЙНЛЕЎГЕ ӨЗ ҮЛЕСИН ҚОСАДЫ | | Karakalpak state university

ЭКОНОМИКА ФАКУЛЬТЕТИ ЖАСЛАРДЫҢ БӘНТЛИГИН ТӘМИЙНЛЕЎГЕ ӨЗ ҮЛЕСИН ҚОСАДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев усы жылдың 13-апрель күнги болып ѳткен видеоселектор мәжилисинде “Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы» болыўы керек деген басламаны алға қойды. Ҳақыйқатында да бүгин жаслар бәнтлигин тәмийнлеў мәмлекетлик сиясат дәрежесинде қаралып атырған бир пайытта Қарақалпақ мәмлекетлик университети тәрепинен бул бағдарда унамлы жумыслар қолға алынып, жаңа ўазыйпалар белгилеп алынды.

 Усы басламаны әмелге асырыў мақсетинде Экономика факультетине бириктирилген Нөкис қаласында жайласқан “Ғәрезсизлик” мәкан пуқаралар жыйынларындағы МПЖ ақсақалы, ҳаял- қызлар кеңеси ҳәм пуқаралар менен ушырасып, алып барылатуғын жумыслар бойынша бағдарлама дүзилди. Сондай-ақ мәҳәлледе “Темир дәптер”, “Жаслар дәптери”, “Ҳаял қызлар дәптери” ҳәмде бәнтлиги тәмийнленбеген жаслардың дизимлери менен танысып, олар арасында миллий идеяны үгит-нәсиятлаў ҳәм  жасларды жат идеялар тәсиринен қорғаў, оларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға садықлық руўхында тәрбиялаў илажларын шөлкемлестириў ўазыйпа етип белгилеп алынған болса, бул илажларға профессор-оқытыўшылар бириктирилди.

Экономика факультети декан орынбасары Қаржаўбай Нурманов.

 

Пайдалы дереклер