slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
ѲЗБЕКСТАН ҚАҲАРМАНЫ, АРХЕОЛОГ-АЛЫМ ҒАЙРАТДИН ХОЖАНИЯЗОВ ОҚЫЎЛАРЫ атамасындағы илимий теориялық конференция | | Karakalpak state university

ѲЗБЕКСТАН ҚАҲАРМАНЫ, АРХЕОЛОГ-АЛЫМ ҒАЙРАТДИН ХОЖАНИЯЗОВ ОҚЫЎЛАРЫ атамасындағы илимий теориялық конференция

…Ол ѳзиниң саналы ѳмирин Қарақалпақстанның тарийхый ҳәм мәдений мийрасларын, археологиялық естеликлерин изертлеўге арнаған илим ғайраткери еди, -деген пикирлер менен басланған илимий теориялық конференцияда қарақалпақ халқының азамат перзенти, әлпайымлылығы ҳәм пидайылығы менен адамгершиликтиң үлкен үлгисин қалдырып кеткен инсанның мазмунға толы ѳмир жолы менен илимдеги изленислери сѳз етилди.  

«Қубла Арал бойы тарийхы ҳәм археологиясы: изертлеўлер, излениўлер» Ѳзбекстан Қаҳарманы, археолог-алым Ғайратдин Хожаниязов оқыўлары» атамасындағы илимий теориялық конференция Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып ѳтти.

           Илимий теориялық конференцияны Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры, профессор Ахмед Реймов кирис сѳзи менен ашып берди.

-Қарақалпақстан археологиясын жәҳәнге танытқан археолог-алым, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен илим ғайраткери Ғайратдин Хожаниязов археология илиминиң раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосқан илимпаз. Сонлықтан да ҳүрметли алымның  илимде жаратқан мектебин бүгинги жас әўладқа үлги етип кѳрсетиў, оның бул тараўда алып барған илимий мийнетлерин тереңнен үйрениў әҳмийетли ўазыйпалардың биринен саналады,- деп атап ѳтти университет ректоры.

  Қарақалпақ мәмлекетлик университети Тарийх факультети деканы, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент С.Сулайманов «Ел хызметинде ҳүрметке ерискен илимпаз Қаҳарман»  атамасындағы баянатында, Қарақалпақстан археологиясын дүнья жүзине танытқан кѳрнекли илимпаздың илимий изленислерине кеңнен тоқтап ѳтти.

             ӨзРИАҚБ ҚГИИИИ директоры орынбасары, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент М.Қарлыбаев  «Қарақалпақстанның мәдений естеликлерин пидайы сақлаўшысы» атамасындағы баянаты менен қатнасып, археолог алымның  Қарақалпақстан архелогиясы илиминдеги пидайы мийнетлери менен адамгершиликке толы ѳмир жолын жасларға үлги етип кѳрсетип ѳтти.

            Қарақалпақстан халық жазыўшысы, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы Х. Дәўлетназаров сѳзге шығып, Қарақалпақстанның тарийхый ҳәм мәдений естеликлерин изертлеўдеги пидайылығы менен қоса адамгершиликке толы ѳмир жолынан сѳз етип, алымға арнап жазған «Адамгершилик академиги» атамасындағы қосығын оқып берди.

Буннан соң Қарақалпақ мәмлекетлик университети оқытыўшысы М.Турсынуратов, Нѳкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Тарийх оқытыў методикасы» кафедрасы үлкен оқытыўшысы О.Юсупов,  усы институттың Тарийх факультети деканы М.Сарыбаев ҳәм басқа да қатнасыўшылар сѳзге шығып, археолог-алым Ғайратдин Хожаниязовтың исмин мәңгилестириў бағдарында  шѳлкемлестирилген илимий теориялық конференцияның әҳмийетин жоқары баҳалап, пикирлерин билдирип ѳтти.

          Қарақалпақстанның мәдений ҳәм археологиялық естеликлерин изертлеў жумысларында салмақлы мийнети менен из қалдырып кеткен археолог алым дәўирлер ѳткен сайын қуны артып бара беретуғын үлкен мийрас жарата алды. Оның қәдирине жетип жасаў келешек әўладтың әдиўли ўазыйпасы болып қала береди.

ҚМУ Баспасѳз хызмети.

 

 

Пайдалы дереклер