2021-жыл 30-апрель күни саат 14:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы PhD. 03/30.12.2019.Tar.20.05 санлы Илимий кеңеси қасындағы 07.00.01 – Өзбекстан тарийхы қәнигелиги бойынша Илимий семинар мәжилиси университеттиң мәлимлеме-ресурс орайының 3-этажында өткериледи.
Мәжилисте Үргениш мәмлекетлик университети излениўшиси Жуманиязов Бекзод Очиловичтың «Өзбекстанда ғәрезсизлик дәўиринде пуқаралық жәмийети институтларының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы тарийхы» деген темадағы 07.00.01 – Өзбекстан тарийхы қәнигелиги бойынша тарийх илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярлаған диссертациясының талқылаўы болып өтеди.