slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
БИР   ЖАРЫҚ   ЖУЛДЫЗ   ЕДИ | | Karakalpak state university

БИР   ЖАРЫҚ   ЖУЛДЫЗ   ЕДИ

 

Қәллибек Исмайлов 1945-жылы Шымбай районында туўылған, 1962-жылы орта мектепти, 1967-жылы Ә. Наӯайы атындағы Самарқанд мәмлекетлик университетиниң шет тиллер факультети инглис тили бөлимин питкерген. Ол 1967-жылдан өмириниң ақырына шекем сол ўақыттағы Т. Г.Шевченко атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының, ҳәзирги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети шет тиллер факультети инглис тили кафедрасында оқытыўшы болып иследи, 1968-1969 жыллары Барнаул қаласында әскерий хызметте болды, 1972-1975-жыл­лары СССР Илимлер академиясы Тил билимлери институтының герман тиллери бөлиминде аспирантурада оқыды.

1979-жылы Москвадағы жоқарыда аты аталған институттың кеңейтирилген үлкен илимий кеңесинде филология илимлериниң докторы О.Н.Селиверстованың илимий басшылығында  «Семантический анализ пространственных прилагательных в английском языке» деген темада кандидатлық диссертациясын жақлады. Оннан кейинги жылларда оның тиккелей басшылығы ҳәм жуўаплы редакторлығында «Тилдиң ҳәрқыйлы тараўларын үйрениўдиң айырым мәселелери» атлы көлемли илимий жумыслар топламы (1982), «Герман филологиясына кирисиў» бағдарламасы (1984), «Англичан тили оқыў сабақлығы» (1984) ҳәм усыларға усаған жумыслар жарыққа шықты.

Қәллибек Исмайлов 1981-1984-жылларда  университеттиң факультетлер аралық шет тиллер кафедрасын, 1984-1989- жылларда инглис тили кафедрасын, университет жанындағы Республикалық тил үйрениў Орайын басқарды, 1990-1991- жыл­ларда Москва қаласында өзиниң сол бурынғы аспирантурада оқыған жеринде докторантурада, Англияның Ноттингем университетинде илимий тәжирийбе алмасыў курсларында болды. Оның кандидатлық диссертациясын жақлаған, яғный, 1979-жылдан кейинги илимий жумысларының бир тармағы оның докторльқ диссерта­циясын таярлаў менен жуўмақланды. Оның бул жумыслары 1992-жылы 12 баспа табақ көлеминде «Семантический анализ пространственных прилагательных в английском языке с привлечением материалов каракалпакского языка» аты менен өз алдына монографиялық  китап болып баспадан шықты.

Қәллибек Исмайловтың жеке қәнигелиги инглис тили болғаны менен оның ой-өриси, илимий жумыслары тек бир шеңбер әтирапына сыймайды. Оның көп мақалаларында өз ана тили болған қарақал­пақ тилине, оны ҳәр тәреплеме изертлеўге болған нағыз инта бәрҳа сезилип турады. Оның бул тараўдағы баспадан шыққан көп санлы илимий жумыслары­ның бәриниң атларын бул жерде атап өтиў мүмкиншилигине ийе емеспиз.  Оларға оның «Ески қарақалпақ тили» (Оқытыў программасы, 1992),  университеттиң инглис тили кафедра­сының сол ўақтағы оқытыўшысы Қ. Өтегенов пенен бирге жазған «Ески қарақалпақ жазыўы» (1992) атлы китаплары-ақ толық дәлийил бола алады.

Сондай-ақ, Кәллибек Исмайловтың илими тек тил билими шеңберинде қалып кетпейди. Оның илими көп қырлы ҳәм ол халқымызға бәрҳә, әсиресе тап бүгинги күнде ҳаўа менен суўдай зәрүр илим еди. Буған дәлийил – ол дүнья тиллериниң дерлик бәринде бар, сол ўақытқа шекем тек қара­қалпақ халқында ғана болмаған, әлемге белгили данышпан Кайкаӯыстың шығыс әлеминде илимий-тәрбиялық ҳәм педагогикалық жақтан ең әҳмийетли шығармалардың бири «Кабуснама» атлы китабын қарақалпақ тилине аўдарып (1987), халқымызға уллы ҳәм бийбаҳа хызмет етти. Бул китап ҳәзир ҳәр бир қарақалпақ шаңарағында әдеп-икрам қыссасы ретинде оқылмақта ҳәм мектеплердеги әдепнама пәни сабақлығы тийкары болып хызмет қылмақта.

Бул китапты Қәллибек Исмайлов 1991- жылы «Қалила ҳәм Димна» аты менен кеңейтип, толықтырып, қайтадан баспадан шығарды. Және ол  Англияда болған ўақтында Уллыбритания китапханасынан халқымыз ушын көп бийбаҳа илимий материаллар таўып әкелди ҳәм буның туңғыш жемиси 1992- жы­лы «Арал» журналының биринши санында оның «Арал Уллы­британия дереклеринде» атлы мақаласында жәрияланды. Тилекке қарсы, оның ол жақтан әкелген, редакцияларға тапсырылған-тапсырылмаған «Ислам тийкарлары» ҳәм соған усаған қырлы-қырлы көп мийнетлери өзиниң мезгилсиз өлими себепли жәмийетшиликке усынылмай қалып қойды.

  Ҳәзирги  күнде перзентлери ҳәр қыйлы тараўларда елге хызмет етип атыр.

Устазымыздың  жарық   жулдыз   инсан сыпатындағы жарқын келбети бизлердиң ядымызда мәңги сақланып қалатуғыны  сөзсиз ҳәм руўхлары мәңги шад болғай! 

 

 Д. Бердимуратов 

«Немис тили ҳәм әдебияты»

кафедрасы баслығы.

Д. Кубейсинова,

   «Факультетлер аралық шет тиллер»

кафедрасы баслығы

 

 

Пайдалы дереклер