slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
БАЗЫБИР МАШҚАЛАЛАРЫНА ШЕШИМ ТАБЫЛДЫ | | Karakalpak state university

БАЗЫБИР МАШҚАЛАЛАРЫНА ШЕШИМ ТАБЫЛДЫ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң физика кафедрасы МПЖлар менен ислесиӯ бағдарындағы «Жол карта» бойынша белгилеп алған ӯазыйпалардан келип шығып,  орынларда болып, бир қатар  ушырасыӯлар өткерди.

Физика кафедрасының профессор-оқытыўшылары, атап айтқанда Физика кафедрасының баслығы, техника илимлериниң докторы, профессор М.Тагаев, кафедра доценти Б.Қунназаров ҳәм кафедра ассистентлери Н.Айтымбетов, Б.Мадаминовлар усы жылдың 4-май сәнесинде дәслеп Төрткүл районы «Пахтачи» МПЖ нында ушырасыў өткерди. Онда «Пахтачи» МФЖның тийисли хызметкерлери, Физика кафедрасының профессор – оқытыўшылары, сол жердиң турғынлары, кем тәмийинленген шаңарақлар, «Темир дәптери», «Жаслар дәптери», «Ҳаяллар дәптери»нде дизимге алынған пуқаралар  ҳәм питкериўши жаслар қатнасты.

Бул ушырасыў дәслеп мектеп питкериўшилери менен өз-ара сәўбетлесиў менен басланды. Питкериўши жаслар өзлерине қызықлы болған сораўлар берди. Кейин басқа қатнасыўшылар менен де сәўбет алып барылды. Олардың машқалаларының шешими табылды ҳәм жасларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Кейин Төрткүл районы «Ёнбош қалъа» МПЖ да ушырасыў болып өтти. Бул жерде де тийкарынан жаслар менен ушырасыўлар болды. Олар менен ашықтан-ашық сәўбетлер өткерилди. Жаслар өзлерин қыйнап атырған мәселелерди ортаға таслады. Әсиресе питкериўши жаслар усы жылғы тест сынақларының тәртиби менен қызықсынды ҳәм сол сораўларға толығы менен жуўаплар алды. Сондай-ақ, жумыссыз жаслар да итибардан қалмады.

 Олардың мәселесине  МПЖ баслығы менен ойласылған ҳалда биргеликте шешим табылды.

 

 

Пайдалы дереклер