Жумыслар мәҳәллелерге көшип, ис усылымыз жаңаланып бармақта | | Karakalpak state university

Жумыслар мәҳәллелерге көшип, ис усылымыз жаңаланып бармақта

«Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы» болыўы керек деген басламаны Әмиӯдәрья районындағы «Ўрта қалъа», «Арна бўйи», «Боғ», «Қиличбой», «Хизр эли», «Беш овул», «Тош қалъа», «Юқори қишлоқ» мәкан пуқаралар жыйынларында әмелге асырыў бойынша Тарийх факультетинде дүзилген исши топар тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Бүгинги күнде барлық аймақларда, қала ҳәм районларда жумыслар мәҳәллелерге көшип, жумыс усылымыз жаңаланып бармақта. Себеби, жумыслар «Мәҳәлле кесими» системасында шөлкемлестирилип, тийисли тараў қәнигелери пуқаралар жыйынларында халықтың машқалаларын үйренип, исбилерменликти раўажландырыў, бул арқалы кәмбағаллықты қысқарттырыў илажлары көрилмекте.

Тарийх факультетиниң исши топар ағзалары менен биргеликте Әмиӯдәрья районындағы «Ўрта қалъа», «Арна бўйи», «Боғ», «Қиличбой», «Хизр эли», «Беш овул», «Тош қалъа», «Юқори қишлоқ» мәкан пуқаралар жыйынларында жаслар менен алып барылатуғын руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық жумысларын шөлкемлестириўши жуўапкерлерге ўазыйпаларын бөлистириў бойынша ушырасыӯлар болып өтти.

Белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде исши топар ағзалары: З.Сапаров, Қ.Қыдырбаев ҳәм Ҳ.Эгамбергановлар менен биргеликте Әмиӯдәрья районындағы «Ўрта қалъа», «Арна бўйи», «Боғ», «Қиличбой», «Хизр эли», «Беш овул», «Тош қалъа», «Юқори қишлоқ» мәкан пуқаралар жыйынларында барып жақыннан танысып, келешекте бирге ислесиў илажлары белгилеп алынды.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы” стажер-оқытыӯшысы  З.Сапаров

 

 

Пайдалы дереклер