slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Машқалалары бойынша мәсләҳат алыўды қәлеўши пуқаралар дизими қәлиплестирилди | | Karakalpak state university

Машқалалары бойынша мәсләҳат алыўды қәлеўши пуқаралар дизими қәлиплестирилди

 

Усы жылдың 6-май күни Университет ҳәм мәҳәллeлeрдe көклемзарлaстырыў ҳәм aбaдaнлaстырыўға қаратылған “Таза қала” акциясын өткериў, акцияға университет студент-жаслары ҳәм мәҳәллелердеги жасларды тартыў мақсетинде «Беш овул» мәкан пуқаралар жыйынында ушырасыӯ болып өтти.  Ушырасыӯ даӯамында мәҳәлледеги руўхый орталық жағдайдын анализлеў, сондай-ақ,  жаслар арасында социаллық-руўхый билим дәрежесин анықлаўға байланыслы сораўнамалар өткерилди. Ушырасыӯда мәҳәлле жаслары қызықтырған сораӯлар менен қатнасты.

Ушырасыӯларда университетке бириктирилген ҳәр бир мәҳәллелер пуқаралары, әсиресе жаслар ушын көшпели “Юридикалық мәсләҳат” бериўди шөлкемлестириў, илажларға университет Юридика факультети қәниге профессор-оқытыўшыларын, магистрантлар ҳәм зийрек студентлерди бириктириў, факультетлер тәрепинен өзлерине бириктирилген мәҳәллелерден машқалалары ямаса мүрәжатлары бар, мәсләҳат алыўды қәлеўши пуқаралар дизимин қәлиплестирип, тийисли қәнигелерге тәмийинлеп бериўди шөлкемлестириў режелери түсиндирилди.  

Исши топар менен биргеликте мәҳәллелер турғынлары ҳаққында МПЖ паспортлары, “Ҳаяллар дәптери”,  “Темир дәптер” ҳәм “Жаслар дәптери” мағлыӯматлары алынды.

Белгиленген жол картасы бойынша мәҳәлледеги «Темир дәптер» ҳәм «Жаслар дәптер»индеги жасларды “Илим алыӯ жоқары қәдирият” уранында жоқары мағлыўматлы болыўға қызықтырыў, олардың оқыўға тапсырыўы ушын университетте бар болған тәлим бағдарлары бойынша бийпул таярлаў курсларын шөлкемлестириў ислери белгилеп берилгенлигин таныстырып өттик.  

Бул унамлы өзгерислер елимизде кәмбағаллықты қысқарттырыў, шаңарақлардың абат ҳәм еркин пәраўан турмыс кешириўине тийкар жаратады. Белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаўда барлығымыз “Бул Ӯатан бәршемиздики” ураны менен қатнассақ, раўажланыўдың жаңа шыңларына ерисиў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў жолындағы жумысларымыз және де нәтийжели болыўын тәмийинлеген боламыз.

 

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы” стажер-оқытыӯшысы  З.Сапаров

 

 

Пайдалы дереклер