МӘҲӘЛЛЕДЕ ӨТКЕРИЛГЕН СПОРТ ЖАРЫСЫ | | Karakalpak state university

МӘҲӘЛЛЕДЕ ӨТКЕРИЛГЕН СПОРТ ЖАРЫСЫ

«Бир мәҳәллеге – бир зыялы» бағдарламасы бойынша мәкан пуқаралар  жыйыны  жаслары менен ислесиӯ Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қурылыс  факультетинде де жумыслар жақсы жолға қойылған.

2021-жыл «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў» жылы  мәмлекетлик  бағдарламасы  тийкарында  бир  қатар унамлы  илажлар  әмелге  асырылмақта.

Усындай   илажлардың  бири  Нөкис  қаласы  «Гулзар»  мәкан пуқаралар  жыйыны  жаслары  арасында  болып өтти. Атап айтқанда 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен усы аймақта жасаўшы жаслар арасында спорттың мини футбол түринен жарыс шөлкемлестирилди. Жарыстың ашылыў мәресиминде «Гулзар» мәкан пуқаралар жыйыны ақсақалы М.Тлеумуратов ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қурылыс  факультети  кураторлар  Кеңеси баслығы М.Ешмуратовлар қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 Тийкарынан  елимизде  алып  барылып  атырылған   сиясий экономикалық  ҳәм билимлендириў системасында жүз берип атырған унамлы өзгерислер, сондай-ақ  «Бир мәҳәллеге – бир зыялы» бағдарламасының мазмун ҳәм әҳмийети  үгит-нәсиятланды.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен  Ҳүрмет  жарлығы  менен  сыйлықланды.

 

 

Имаратлар ҳәм сооружениелер

қурылысы кафедрасы ассистенти:     Қ.Бектурсынова

 

 

 

 

Пайдалы дереклер