Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Спорт сарайында усы жылдың 6-май күни «Жасларды қоллап-қуӯатлаӯ ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеӯ жылы»на ҳәм 9-май «Еслеӯ ҳәм қәдирлеӯ» күнине бағышланып республикамызға белгили палӯан, педагогика илимлериниң кандидаты, доцент Полат Серимбетовтың естелигине арнап спорттың Кураш түри бойынша республикалық ашық турнир болып өтти.