slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
МӘҲӘЛЛЕ ЖАСЛАРЫ МӘНАЎИЯТЫНЫҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫНДА ЖОҚАРЫ ОҚЫЎ ОРЫНЛАРЫНЫҢ ТУТҚАН ОРНЫ | | Karakalpak state university

МӘҲӘЛЛЕ ЖАСЛАРЫ МӘНАЎИЯТЫНЫҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫНДА ЖОҚАРЫ ОҚЫЎ ОРЫНЛАРЫНЫҢ ТУТҚАН ОРНЫ

          

  Усы жылдың 6-май сәнесинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың “Мәмлекетимизде жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ис-илажлары”на бағышланған видеоселектор мәжилисиндеги “Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм маденият ошағы” болыўы керек деген басламасын алға сүрген халда Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шет тиллери факультети инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасының бир қатар профессор-оқытыўшылары тәрепинен Әмўдәрья районында жайласқан «Аёқчи» АПЖ, «Дурман» АПЖ ҳәм «Холимбег» АПЖларына барып, бул жерде мәҳәлле жасларынын бәнтлигин тәмийнлеў олардын бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм оларды жоқары оқыў орынларында жаратылған шараятлардан кеңнен пайдаланыў мүмкиншиликлери хақкында  ушырасыўда айтып  өтилди.

          Ушырасыўда Шет тиллери факультети жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Т.Кулниязов, инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы баслығы З.Утешова ҳәм кафедра оқытыўшылары А.Утеповлар шығып сөйлеп, Республикамызда жайласқан барлық мәҳәллердеги бәнтлиги тәмийнленбеген жаслар, «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери» ҳәм «Темир дәптер»лерде дизимге алынған жаслар  ушын университемизде бүгинги күнде жуымыс алып барып атырған илим- пән дөгереклери, қызларға тигиў ҳәм аспазлық шеберликлерин үйретиў бойынша «Пәзендешилик», «Кызлар тигиў цехы» курслары, юридикалық мәсләҳәтлар бериў бойынша клублар, барлық спорт түрлери бойынша спорт секциялары ҳәм китап оқыўға қызығыўшылығы болған жаслар ушын «Китапқумарлар» клубының искерлиги хаққында айтып өтти.

Буннан соң «Аёқчи» АПЖ баслығы А.Каландаров, «Дурман» АПЖ баслығы А.Юсупов, «Холимбег» АПЖ баслығы З.Алламовлар шығып сөйлеп, бүгинги күнде Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде мәҳәлле жасларының бәнтлигин тәмийнлеў ҳәм олардын бос ўақытларын мазумунлы шөлкемлестириўге қаратылып атырған итибар, район жасларын Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың жат иллетлерден аўлақ болыўында ҳәм де билим алып ертеңги күни елимиздиң раўажланыўында аянбай мийнет ететуғын кәмил инсан болып жетилисиўине түртки болатуғынлығы хақкында айырықша тоқталып өтти.

Ушырасыў соңында мәҳәлле жаслараның китап оқыўға болған қызығыўшылығын асырыў, олардың бос ўақытларында мәҳәллерде жаратылған китапханалардан мазмунлы пайдаланыў мақсетинде университет оқытыўшылары атынан өзбек, қарақалпақ ҳәм жәҳән әдебияты жазыўшыларының китаплары саўға ретинде тапсырылды.  

                                     

 

Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасры Т.Кулниязов

 

 

Пайдалы дереклер