ЖОҚАРЫ БИЛИМЛЕНДИРИӮ КОРРУПЦИЯСЫЗ ТАРАӮ

Ҳәзирги ӯақытта социаллық тармақларда «Үш пуқара 3000 доллар, 20 миллион сумға оны Қарақалпақ мәмлекетлик университетине оқыўға киргизе алмады. Үш пуқара И.Ж., Ж.Х., Д.Х. лар алдыннан тил бириктирип, Қарақалпақ мәмлекетлик университети дене тәрбиясы факультетине таныслары арқалы оқыўға киргизип бериў ушын пуқарадан 5000 доллар талап қылған. Соннан 3000 доллар ҳәм 20 миллион сумды алып атырған ўақытта усланды» деген мағлыӯматлар берилмекте.

Ҳәммемиздиӊ хабарымыз бар, коррупция жәмийетти кемириӯши иллет деп қаралып, оған қарсы гүресиӯ ҳәр бир ҳүжданлы инсанныӊ тийкарғы ӯазыйпасы саналады. Бирақ усындай адамлардыӊ жәмийетте табылып атырғанлығы менен бирге оларға исенип жүргенлерде ушырасады. Солай екен ҳәр қандай қылмыс нызам менен өз жазасын ала береди.   

Усы орында мағлыӯмат ушын айтып өтиӯ орынлы, бул пуқаралар- И.Ж., Ж.Х., Д.Х.  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ислемейди. 

Усындай унамсыз иллетлердиӊ алдын алыӯ мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Жоқары билимлендириӯ коррупциясыз тараӯ» атамасында турақлы түрде үгит-нәсият жумыслары алып барылып атыр.  

ҚМУ. Баспасөз хызмети.

 

 

 

Пайдалы дереклер