СПОРТТЫҢ ФУТБОЛ ТҮРИНЕН «ФАКУЛЬТЕТ КУБОГИ» ӨТКЕРИЛДИ

 

Жаслар арасында спортты ғалабаластырыў ҳәм саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў, олардың спортқа болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде жарыслар шөлкемлестирилмекте.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Биология факультетиде студент-жаслар арасында спорттың мини футбол түринен «Факультет кубоги» ушын жарыс болып өтти.

Жарысқа 1-2-3-курс студент-жаслардан дүзилген командалар менен бирге Нөкис қаласы «Өрнек» мәкан пуқаралар жыйыны жасларыда  қатнасты.

Қызғын ҳәм кескин беллесиўлерге бай болған жарыста «1-а Дәрилик өсимликлерди жетилистириў ҳәм қайта ислеў технологиясы» тәлим бағдары биринши, «2-кешки Биология» тәлим бағдары екинши, «1-б Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў» тәлим бағдарлары үшинши орынды ҳәм «Өрнек» мәкан пуқаралар жыйыны жаслары  белсене қатнасты.

Жарыс соңында жеңимпазларға «Факультет кубоги», медал ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

 

Жалгасбай МУЙНАКБАЕВ,

Биология факультети Жаслар менен

ислесиў бойынша декан орынбасары.

 

 

 

 

 

 

Пайдалы дереклер