slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Жасларға жаратылған мүмкиншиликлер ҳаққында түсиник берилди | | Karakalpak state university

Жасларға жаратылған мүмкиншиликлер ҳаққында түсиник берилди

 «Жоқары оқыў орынлары мәҳәлле жаслары ушын мәнаўий орай ҳәм мәденият ошағы» болыў керек деген басламаны әмелге асырыў мақсетинде  «Электр энергетикасы»  кафедрасының профессор-оқытыўшылары Тақыятас районындағы «Дослық», «Нурлы келешек» МПЖ аймақларының турғынлары менен ушырасыўлар шөлкемлестирди.

Ушырасыўға кафедраның үлкен оқытыўшылары М.Ережепов, Т.Алибекова  ҳəм ассистентлер Б.Узаков, Г.Турмановалар,  «Дослық» ҳəм «Нурлы келешек» МПЖларының тийисли хызметкерлери, сол мəканлардың турғынлары, кем тәмийинленген шаңарақлар, «Темир дәптери», «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаяллар дәптери»нде дизимге алынған пуқаралар  қатнасты.

 Мәҳəлле жасларының қызығыўшылығынан келип шыққан ҳалда Нөкис қаласында «Автожол» колледжинде сырт елге барып жумыс ислеймен деген жасларға 3-4 айлық оқыў шөлкемлестиргенлиги ҳаққында түсиник берилип, мектепти питкериўши ул-қызлары бар ата-аналарға усы жылы жоқары оқыў орынларына кириўге 5 пəннен тест тапсырыўда абитурентлерге өз қəнигелигин таңлаўда жаратылған қолайлықларға ҳəмде университетимизде спорт дөгереклерине ағза болыў мүмкиншиликлери, жаслардың қәлеўи бойынша рус тили, инглис тили, немис тили ҳәм басқада тиллерди үйрениў мүмкиншиликлери бар екенлиги ҳаққында айтып өтилди.

Ушырасыўда мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли жуўапларын алды.

 

Электр энергетикасы кафедрасының үлкен оқытыўшысы М.Т.Ережепов

 

 

Пайдалы дереклер