slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
ЗИЯ НУРЫН ТАРАТЫЎШЫЛАРДЫҢ КӘСИПЛИК БАЙРАМЫНДАҒЫ ҚУЎАНЫШ | | Karakalpak state university

ЗИЯ НУРЫН ТАРАТЫЎШЫЛАРДЫҢ КӘСИПЛИК БАЙРАМЫНДАҒЫ ҚУЎАНЫШ

Китапхана ҳақыйқый зия нурын таратыӯшы муқаддес орын деп қаралып, ҳәр биримиздиӊ қәлбимизге руӯхый азық беретуғынлығын жақсы аӊлаймыз.     

  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәлимлеме ресурс орайы хызметкерлери ушын 21-май «Китапханашылар күни» мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди. Илажға Университет ректораты, Нуранийлер кеңеси ағзалары, кәсиплик аӯқамы ҳәм тараӯ хызметкерлери менен  китапқумар белсенди студент жаслар қатнасты.

Сәнеге бағышланған илажды Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ оқыӯ ислери бойынша проректоры Дуйсенбаев Олимжон Исмаилович ашып берди ҳәм мәлимлеме-ресурс орайы хызметкерлерине жақсы тилеклерин билдирип, Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыӯ орынлары арасынан биринши болып университет мәлимлеме-ресурс орайы бас китапханашысы «Китапқумарлар» клубы баслығы, Калмурзаева Раýшан Алламуратовна республикамызда биринши мəрте енгизилген «Мəлимлеме-китапхана ағласы» көкирек нышаны менен сыйлықланғанлығын атап өтти.

Соңынан сөзге шыққан университет Нуранийлер кеңеси баслығы, тәжирийбели ҳәм әдиӯли устаз, профессор Б. Абдикамалов, тараӯ қәнигелерине жыллы сөзлерин, әжайып тилеклерин ҳәм китапқумарлықты, сондай ақ, мәлимлеме-ресурс орайы тараӯына байланыслы ҳәр қандай унамлы басламалар, ис-илажлар бойынша мудамы тараӯ қәнигелерин қоллап-қуӯатлаӯын айтып өтти.

Бир сөз бенен айтқанда илажға жыйналған барлық мийманлар өзлериниң унамлы пикирлери ҳәм қәнигелерге жақсы тилеклерин билдирди.

       Илаж барысында көп жылдан бери Мәлимлеме-ресурс орайында нәтийжели мийнет етип киятырған тәжирийбели қәнигелерге университет ректоратының Ҳүрмет жарлығы ҳәм Кәсиплик аӯқамы тәрепинен кымбат баҳалы естелик саӯғалары тапсырылды.

Илаж жуӯмағында китапқумарлар клубы ағзаларының көркем-әдебий шығыӯлары ҳәм Көркем-өнер факультетиниң студентлери қатнасында концерт бағдарламасы инәм етилип, бул белгили сәнениң еледе көтериңки руӯхта өтиӯинде айрықша әҳмийетке ийе болды.

 

                                                                                           

Мәлимлеме-ресурс орайы методисти

Гүлбахар Қазақбаева.

Пайдалы дереклер