slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
ИЛИМ ХӘМ БИЛИМЛЕНДИРИӮДЕГИ ЖАӉАЛАНЫӮДЫӉ БАСЛЫ  БАҒДАРЫНА ҚАРАТЫЛДЫ | | Karakalpak state university

ИЛИМ ХӘМ БИЛИМЛЕНДИРИӮДЕГИ ЖАӉАЛАНЫӮДЫӉ БАСЛЫ  БАҒДАРЫНА ҚАРАТЫЛДЫ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шет тиллер факультети инглис тил билими кафедрасы тәрепинен «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ ағласы», филология илимлери кандидаты, доцент Генжемурат Тлеумуратовтың 70 жыллық юбилейине арналған «Тил билими жаңа илимий парадигмалар объекти сыпатында ҳәм шет тиллерин оқытыӯдың инновациялық мәселелери» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция шөлкемлестирилди.  Конференцияның тийкарғы мақсети шет елли жас ҳәм тәжирийбели алымлар менен жергиликли аймақлық оқыӯ орынларында оқып атырған студентлер ҳәм профессор-оқытыӯшылар арасында өз-ара бирге ислесиӯ, пикир алмасыӯ, ис-усыл методларын, тәжирийбелерин үйрениӯ, ҳәм қәлиплестириӯ болып табылады. Бул баслы илимдеги машқалаларды шешиӯде, әсиресе, шет тиллерин үйретиӯ ҳәм тил билими тараӯындағы билимлерди пуқта ийелеӯге қаратылған.

Президентимиз Ш.Мирзиёев шет тиллерин үйрениӯ бағдарына үлкен итибар қаратпақта. Жақында усы жылдыӊ  6-май сәнесинде болып өткен видео селекторында “Келешекке беккем тийкар болатуғын шет тиллерин үйретиӯдиӊ жаӊа системасын жаратыӯ ӯақты келды” деп атап өткен еди. Бул өткерип атырған илимий әмелий конференциямызда Президентимиздиӊ алға қойған мақсетлерин, идеяларын қоллап – қуӯатлаӯ ис жүзинде әмелге асырыӯ ӽәм турмысқа ендириӯ болып табылады.

Конференцияныӊ өткерилиӯи Республикамыз халқы, уллы билим дәргайымыз Қарақалпақ мәмлекетлик университети ушын да жүдә әӽмийетли. Бул ӯақыя барлық тил билими пидайылары, илим хызметкерлери, профессор-оқытыӯшылар ӽәм студент жаслар алдына қойылған жуӯапкершиликли ӯазыйпа илим, билимлендириӯ тараӯындағы жаӊаланыӯдыӊ баслы  бағдары болып хызмет атқарады.

 

 

 

Д.Бадирова       

  инглис тил билими кафедрасы ассистенти.

 

 

Пайдалы дереклер