slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде | | Karakalpak state university

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде

 Бүгин 24-май күни Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқулов  Бердақ атындағы Карақалпақ мәмлекетлик университетине келди.

Ушырасыӯда министр А.Тошқулов Карақалпақстан Республикасындағы барлық ЖООныӊ ректоралары, филиал директорлары менен  ушырасып, өз-ара пикир алысты. Бунда Қарақалпақстанныӊ Жоқары оқыӯ орынларын көрсеткишине жоқары баҳа берди.

Сонын менен бирге Өзбекстандағы жоқары оқыӯ орынларындағы үлкен өзгерислер ҳаққында сөз етилди. Сондай-ақ, жоқары оқыӯ орынларыныӊ филиалларын келеси қысқа ӯақыт аралығында университет ҳәм институт дәрежесине шығарыӯ мәселеси әтирапындағы пикирлери менен бөлисти.

 

-«Қарақалпақстанныӊ суӯы да, ҳаӯасы да, ҳәтте, халқыныӊ характери де бизге жүдә жақын,» деди министр Қарақалпақ халықына тереӊ ҳүрмет ҳәм итибар менен қарап.

«Сизди түсинетуғын министр бар, сизлерди түсинетуғын Раис бар, демек сизлер бахытлысыз», -деген қанат бериӯши сөзлери ҳәр бир ушырасыӯ қатнасыӯшыларына руӯхый күш бере алды.

Соныӊ менен бирге министр А.Тошқулов  бул қысқа ушырасыӯ даӯамында өзиниӊ усынысларын да билдирип өтти. Быйылғы оқыӯ жылы ушын абитуриентлерди жоқары оқыӯ орынларына қабыллыӯ барысын жақсы шөлкемлескенлик дәрежеде алып барыӯ кереклиги бойынша тийисли усынысларын билдирди.

Ушырасыӯда А.Тошқуловтыӊ Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыӯ орынлары ректорларыныӊ жәмийетлик басламадағы Кеӊесин дүзиӯ бойынша билдирген пикир-усынысы көпшилик тәрепинен бир аӯыздан мақулланды ҳәм бул Кеӊеске Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ ректоры А. Реймовқа басшылық етиӯ  ӯазыйпасы жүкленди.

 

Буннан соӊ Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов сөзге шығып, Карақалпақстан Республикасындағы тоғыз  ЖООныӊ материаллық-техникалық базасын, илимий потенциалын, абройын көтериӯ бағдарында исленип атырған ислерге тоқтап өтти.

-Бүгинги айтылып атырған ҳақыйқатлықты ақлаӯ ушын ҳәр бириӊиз ҳәрекет етип, ҳәр қандай ӯазыйпаларды келешекте жақсы нәтийже менен көрсетип бериӯиӊиз керек, -деди Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов.

-«Сизлер қәлб адамларысыз. Алымлар барқулла ҳүрметте болыӯы керек. Бундай ҳүрметке ылайық болып, хызмет етиӯ ҳәр бир илим адамыныӊ әдиӯли ӯазыйпасы болып қалыӯы керек» деп өтти, министр А.Тошқулов  ушырасыӯда.

 

КМУ Баспасөз хызмети.

 

 

 

Пайдалы дереклер