slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
ҲУҚЫҚБУЗАРЛЫҚТЫӉ АЛДЫН АЛЫЎ БОЙЫНША ӨТКЕРИЛГЕН УШЫРАСЫЎ | | Karakalpak state university

ҲУҚЫҚБУЗАРЛЫҚТЫӉ АЛДЫН АЛЫЎ БОЙЫНША ӨТКЕРИЛГЕН УШЫРАСЫЎ

 Адам бул дүньяға келер екен, турмыс деп аталыӯшы гүзар жолда базыда өзи билип-билмей адасып қалыӯы мүмкин. Ҳуқықбузарлықтыӊ көшесине кирип қалмаӯы ушын жетилип киятырған әӯладқа ақыл-нәсият айтып, дурыс бағдар бериӯимиздиӊ мақсети де сол болып, жасларымызды туӯры жолға бағдарлаӯдан ибарат.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қурылыс ҳәм Экономика факультети профессор-оқытыўшылары, студент-жаслары қатнасында «Жаслар арасында ҳуқықбузарлықлардыӊ алдын алыў ҳәм жынаятшылықты сапластырыў» атамасында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўға Нөкис қаласы ИИО ЖМБ жынаят қыдырыў бөлиминиң баслығы А. Даўлетмуратов, Нөкис қаласы ИИО ЖМБ нәшебентликке қарсы гүресиў бөлиминиң баслығы Р. Қаллибеков, Нөкис қаласы № 3-санлы ИИБ профилактика инспекторы А.Төрениязовлар өз баянатлары менен қатнасты.

 Профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар өзлериниӊ қызықтырған сораӯларына қәнигелерден жуўаплар алды.

 

 

 Қурылыс факультети жаслар менен ислесиў

бойынша декан орынбасары               С.Нурниязов

 

 

 

Пайдалы дереклер