slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ФОРУМ: ҲӘР ТӘРЕПЛЕМЕ БИРГЕ ИСЛЕСИӮДИӉ РАӮАЖЛАНЫӮЫ | | Karakalpak state university

ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ФОРУМ: ҲӘР ТӘРЕПЛЕМЕ БИРГЕ ИСЛЕСИӮДИӉ РАӮАЖЛАНЫӮЫ

Бүгин 26-май күни Бухара қаласында Өзбекстан ҳәм Россия Жоқары оқыӯ орынлары ректорларыныӊ регионлар аралық конференциясы болып өтти.

Бул Халықаралық конференцияға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, техника илимлериниӊ докторы, профессор Ахмед Реймов қатнасты ҳәм баянат жасады.

Россия ҳәм  Өзбекстан Жоқары оқыӯ орынлары ректорларыныӊ үшинши регионлар аралық конференциясы ҳәр тәреплеме бирге ислесиӯдиӊ раӯажланыӯы ушын үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады.

Әнжуман бағдарламасына бола, күнниӊ екинши ярмымында еки мәмлекеттиӊ Жоқары оқыӯ орынлары ректорлары өз-ара бирге ислесиӯди раӯажландырыӯ бағдарында әҳмийетли ӯазыйпа ҳәм мәселелерди туўрыдан-туӯры ҳәм ашық пикирлесиӯ усылында алып барды.

Қарақалпақ мәмлекетлик  университети ректоры А.Реймов Алтай мәмлекетлик университети проректоры Райкин Роман Ильич ҳәм Москва мәмлекетлик геодезия ҳәм картография университети ректоры Камынина Надежда Ростиславовна менен бирге ислесиӯ меморандумына қол қойысты.

ҚМУ Баспасөз хызмети

Пайдалы дереклер