slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
ГЕНДЕР ТЕҢЛИГИ БОЙЫНША СУДЬЯЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ | | Karakalpak state university

ГЕНДЕР ТЕҢЛИГИ БОЙЫНША СУДЬЯЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

Бүгинги күнде мәмлекетимиздиң баслы сиясат бағдарларының бири гендер теңлигин тәмийнлеў мәселеси, сондай-ақ ҳаял-қызлардың шаңарақтағы, жәмийеттеги ролин асырыў есапланады.

“Гендер теңлик” мәселеси бойынша Қарақалпақ мәмлекетлик университети Юридика факультетинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы Р.Худайбергенова,  Қарақалпақстан Республика пуқаралық ислери судының судьясы З.Бабажанова, Қарақалпақстан Республика Экономикалық ислери бойынша судының судьясы Г.Ешназарова, Қарақалпақстан Республика Жынаят ислери бойынша суды судьясы Л.Отегеновалар ортасында нәўбеттеги сәўбетлесиў болып өтти.

Сәўбетлесиўде ең тийкарғы мәселелерден бири болған гендер теңликке итибар қаратылды. Гендер теңликти тәмийнлеў ҳәм оның ҳуқықый тийкарын тәмийнлеў бойынша республикамызда көплеген илажлар өткерилмекте. Мәселен, Өзбекстан Республикасының 2019-жылы 2-сентябрдеги “Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәмде имкәниятлар кепилликлери ҳаққында”ғы 562-санлы нызамы қабыл етилди. Бул нызамда гендер теңлиги ҳәм оның кепилликлери бойынша толық түсиниклер берилген.

Ҳәзирги күнде Өзбекстан Республикасы суд-ҳуқық системасында ҳаял-қызлардың үлеси 13%ты қурайды. Өткен жылларға қарағанда бул салыстырмалы көбирек көрсеткиш болып табылады. Ушырасыў студентлер менен өз-ара сораў-жуўаплар тәризинде даўам етти. Студентлер  қызықтырған сораўларын берди ҳәм судьялардан тийисли жуўаплар алды.

 

Инсан ҳуқықлары, мәмлекетлик ҳуқық ҳәм басқарыў кафедрасы ассистенти Гульхатиша Шагилова.

 

 

Пайдалы дереклер