slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
«Гендер теңлиги- дәўир талабы»  атамасындағы шығармалар таңлаўы өткериледи | | Karakalpak state university

«Гендер теңлиги- дәўир талабы»  атамасындағы шығармалар таңлаўы өткериледи

 

  Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл  20-апрелдеги 07/12-107-санлы хатына тийкарланып, “Ҳаял-қызлар ҳәмде ерлер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятлардың кепилликлери” ҳаққындағы  Қарақалпақстан Республикасы мәҳәлле ҳәмде шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланған  ис-илажлар режесиниң тийисли бәнтлериниң орынланыўын тәмийнлеў, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған Гендер теңлиги мәселелерине байланыслы кең көлемли реформаларға педагог кадрлардың белсене  қатнасыўын тәмийинлеў, жәмийетте ҳаял-қызлардың ҳәм ерлердиң тең ҳуқықлығы, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў  мәселелерин түптен жетилистириўге қаратылған «Гендер теңлиги мәселерлери – педагоглар көз қарасында»  идеясын кеңнен ен жайдырыў ҳәм де ҳаял-қызлар ҳуқықларын қорғаў, гендер теңлигин тәмийинлеў, жаслардың  санасына руўхый-тәрбиялық, миллий қәдириятларды сиңдириў, жәмийетте тынышлық ҳәм татыўлықты сақлаў, шаңарақта, жәмийетте ҳаял-қызлардың  тутқан айрықша орнын үгит-нәсиятлаў ҳәмде оларды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде «Гендер теңлиги- дәўир талабы» атамасында шығармалар таңлаўы жәрияланды!

      Таңлаўда Қарақалпақстан Республикасындағы Жоқары оқыў орынларында жумыс алып барып атырған, социаллық-сиясый, руўхый-ағартыўшылық билимлерге, абырай-итибарға ийе, белсенди, пидайы ҳәмде тәжрийбеге ийе болған профессор-оқытыўшылары, педагоглары ҳәмде психологлары  қатнасыў ҳуқықына ийе!

 

 

   Шығармалар таңлаўы  Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәмде шаңарақты қоллап-қуўатлаў Министрлиги, Өзбекстан Республикасы Миллий тиклениў демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси,  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети   қарарына тийкар шөлкемлестирилди ҳәм 2021-жыл 1-10- июнь күнлери аралығында өткериледи.  Таңлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў менен байланыслы процеслерди басқарыўшы ҳәмде орынлаўшы шөлкем – Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги. Шығармаларды электрон формада doc.файл  ҳәмде pdf. көринисинде 2021-жыл 1-июннан 10-июнь күнине шекем +998 99 5452705- телеграмм номери арқалы онлайн  қабылланады.

 

     Таңлаўдың мақсети – мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған Гендер теңлиги мәселелерине байланыслы кең көлемли реформаларға педагог кадрлардың белсене  қатнасыўын тәмийинлеў, жәмийетте ҳаял-қызлардын ҳәм ерлердиң тең ҳуқықлығы, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў  мәселелерин түптен жетилистириўге қаратылған «Гендер теңлиги мәселерлери – педагоглар көз қарасында»  идеясын кеңнен ен жайдырыў ҳәм де ҳаял-қызлар ҳуқықларын қорғаў, гендер теңлигин тәмийинлеў, жаслардың  санасына руўхый-тарбиялық, миллий қәдириятларды сиңдириў, жәмийетте тынышлық ҳәм татыўлықты сақлаў, шаңарақта, жәмийетте ҳаял-қызлардың  тутқан айрықша орнын үгит-нәсиятлаў, ҳәмде қатнасыўшыларды мүнәсип хошаметлеў.

Төмендегилер таңлаўдың тийкарғы ўазыйпалар есапланады:

– Шығармада гендер теңлиги мәселелери, жәмийетте ҳәм шаңарақларда ҳаял-қызлардың тутқан орны, соның менен бирге ҳаял-қызлар ҳәмде ерлер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятлардың кепилликлери, гендер теңлиги мәселелерин жарытып бериўде шығармада миллий қәдириятлардың сәўлелениўи көринген болыўы тийис. 

   -Шығарманың темасына байланыслы  тийисли қәнигелерден (PhD ямаса пән докторының) рәсмий  пикири менен биргеликте қабылланады.

      Таңлаўда шығарманың қурылысына қойылатуғын талаплар:

а)  Шығарманың темасы (Title) 

б) Автордың толық аты, фамилиясы, (паспорт копиясы) жумыс орны, лаўазымы, телефоны. (Author information)

в)  Аннотация , 3-тилде  (Abstract)

г)  Ключ сөзлер 3-тилде  (Key words)

д) Kирисиў (Introduction)

е) Тийкарғы бөлим (Research, Analysis and results)

ж) Жуўмағы, усыныслар (Conclusion/Recommendations) 

з)  Пайдаланған әдебиятлар (Literature review)

и) шығарма өзбек ямаса қарақалпақ тилинде, кирилл әлипбесинде, минимум 5-6 беттен кем болмаўы тийис, шығарманың шрифти  “Times  New Roman”дa, 14 kegel де болып, қатар аралығы 1,5 интервалда болыўы зәрүр. Шығарманың текстинде  беттиң оң, шеп тәрепинен  2 сантиметрден ибарат аралық қалдырылады. Талапқа жуўап бермейтуғын шығармалар қабылланбайды.

            Таңлаў жеңимпазларына 1-2-3 орынлар бериледи, ҳәр бир орын саны екеў, оларды сертификатлар, естелик саўғалар менен сыйлықлаў таңлаўдың шөлкемлестириў комитети қурамы ҳәм қәўендерлер тәрепинен әмелге асырылады.

 

ҚМУ Ҳаял-қызлар кеӊеси.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәмде шаңарақты қоллап-қуўатлаў Министрлиги

 

 

Пайдалы дереклер