slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Жаслар ушын "Ашық есиклер күни" | | Karakalpak state university

Жаслар ушын “Ашық есиклер күни”

Бүгин жасларға қаратылып атырған итибар ҳәм билдирилип атырған исеним ҳәр қашанғыдан да күшейди. Оларға жаратылған имканият, шараят ҳәм қолайлықлар себепли жасларымыздың билими, ғайраты ҳәм шеберлиги күн сайын артып бармақта.

Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасында тараў қәнигелери менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети экономика факультети студентлери ушын «Ашық есиклер күни» шɵлкемлестирилди.

Илаж даўамында жаслар мәмлекетлик салық хызмети хызметкерлериниң жумыс процесслери, олар ушын  жаратылған шараятлар, хызметкерлерди социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм жүклетилген ўазыйпалар ҳаққында түсиниклерге ийе болды.

Сондай-ақ, студентлерге қәнигелер тәрепинен бүгинги күнде  «Салықшы исбилерменге кɵмекши» принципи тийкарында мәмлекетлик салық хызмети органларында жолға қойылған жумыслар, салық тɵлеўшилерге кɵрсетилип атырған хызметлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.

«Ашық есиклер күни” шеңберинде болажақ салықшыларға мәмлекетлик салық хызмети системасында корруцияның алдын алыў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған системалы жумыслар ҳаққында да түсиник берилди.

Қызықлы ҳәм усынысларға бай болған ушырасыў даўамында жаслар өзлери ушын жүдә көплеп мағлыўматларға ийе болды.

Жасларға қаратылып атырған итибар ҳәм билдирилип атырған исеним әлбетте, өз нәтийжесин берери, анық.

Орынларда жасларды салық тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан таныстырыў мақсетинде мәмлекетлик салық хызмети органларында «Ашық есиклер күни» даўам етпекте.

 

Экономика факультети декан орынбасары   Қаржаўбай Нурманов

 

 

Пайдалы дереклер