УЛЛЫ БАСЛАМА ЖАҢА МАҚСЕТЛЕРГЕ БАСЛАЙДЫ | | Karakalpak state university

УЛЛЫ БАСЛАМА ЖАҢА МАҚСЕТЛЕРГЕ БАСЛАЙДЫ

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 16-июнь күни жоқары билимлендириў системасын жетилистириӯ мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген ӯазыйпалардыӊ орынланыӯын тәмийинлеӯ бойынша Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде  ректор А.Реймовтыӊ басшылығында ушырасыӯ болып өтти.

Университет ректоры Ахмед Реймов мәмлекетимиз басшысы тәрепинен атап көрсетилген Жоқары билимлендириў системасындағы тийкарғы ўазыйпалардыӊ әҳмийетин жоқары баҳалап, бүгинги күнде жасларымызды билимли ҳәм маман қәниге етип тәрбиялаӯда профессор-оқытыўшыларымыз алдына қойылып атырған үлкен ӯазыйпа  екенлигин айрықша атап өтти. Ушырасыӯ барысында бир қатар ӯазыйпалар белгилеп алынды.  

Атап айтқанда, университетимизде билимлендириўдиң сапасын жақсылаў, кафедралардың ўәкиллигин кеңейтиў, оқыў ислерин базар талапларынан келип шығып шөлкемлестириў мәселеси бойынша ислениӯи керек жумыслар барысында әҳмийетли мәселелерге тоқтап, ҳәр бир факультет ҳәм кафедра басшыларына жаӊа ӯазыйпалар жүкленди.

-Ҳақыйқатында да, бизиӊ билим бериӯ процесимиз тармақ пенен байланыспайды, жаслардыӊ бәнтлик мәселеси бойынша үлкен машқала бар. Не ушын бундай болады? Оқыӯ процесиниӊ әмелият, яғный, өндирис тараӯлары менен толық байланысы болмағанлықтан, деп атап өтти университет ректоры өз сөзинде. Усы кемшиликлерди сапластырыӯ бойынша анық реже ҳәм мақсет тийкарында жумыс алып барыӯды жолға қойыӯ  кереклиги атап көрсетилди.

 Келешекте жаслардыӊ бәнтлигин тәмийинлеӯ  мәселеси бойынша алып барылыӯы тийис болған ӯазыйпаларға айрықша тоқтап өтилип, бул бағдарда баҳалы пикирлер билдирилди ҳәм ҳәр бир кафедра баслықларына анық ӯазыйпалар белгилеп берилди.

Ушырасыӯ барысында сөз етилген және бир әҳмийетли мәселе,  университеттиӊ илимий потенциалын арттырыў, илим ҳәм инновацияны раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

Ҳәр бир кафедра  абырайлы оқыӯ орынларыныӊ кафедралары менен тығыз ислесиӯди жолға қойыӯы, олар менен бирге ислесип, оқыӯ процеси, илимий изленислер, тәжирийбе алмасыӯлар алып барыӯ ӯазыйпасы бойынша көрсетпелер берилди.  Жаӊа оқыӯ жылынан баслап айрым қәнигелик пәнлери шет тилинде оқытылыӯы нәзерде тутылған болса, бундай жақсы өзгериске ҳәр бир профессор оқытыӯшы тайын болып, бүгинги дәӯир педагогы шет тиллерин билиӯдей заман талабына жуӯап бере алыӯы керек деп, бул бойынша да тапсырмалар берилди.

Университеттиӊ илимий потенциалын көтериӯ, студент ҳәм изертлеўшилер ушын имканият жаратыў, илим изертлеӯ жумысларында плагиатты болдырмаӯ, жаслардыӊ тәрбиясына айрықша итибар менен қарап,  ҳәзирги уллы өзгерислерди зыялыларымыз  анық мысаллар менен жасларымыз қәлбине сиӊдириӯ, университетимиз студентлериниӊ айрықша жетискенликлерин көпшиликке үлги етип көрсетиӯде жаӊаша усыллардан кеӊнен пайдаланыӯ, жас алымлардыӊ сырт еллерде тәжирийбесин арттырыӯ сыяқлы мәселелер бойынша анық пикир-усыныслар айтылды.

Сырт мәмлекетлерден оқыў ҳәм илимий әдебиятларды тиккелей сатып алыў мүмкиншилигиниӊ берилиӯи жақсы имканият болып, буннан дурыс пайдаланыӯ жақсы нәтийжеге алып келеди, -деп атап өтти.  

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен тараўдағы 4 тийкарғы ўазыйпаны айрықша көрсетип өткен болса, ушырасыӯ барысында усы ӯазыйпалардан келип шығып жаӊа мақсетлер белгилеп алынды.

Ушырасыӯға университеттиӊ барлық проректорлары, факультет деканлары ҳәм кафедра баслықлары қатнасты.

Ҳақыйқатында Президентимиз атап өткен бул 4 тийкарғы ўазыйпа жоқары билимлендириӯ тараӯында уллы басламалар болып, олар жаӊа мақсетлерге баслайды.

 

Гүлжәҳән ТАЖЕТДИЙНОВА.

ҚМУ Баспасөз хаткери.

 

 

 

 

Пайдалы дереклер