slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Ертеӊги күнги бәнтлик мәселесинде унамлы бурылыс | | Karakalpak state university

Ертеӊги күнги бәнтлик мәселесинде унамлы бурылыс

Президентимиздиӊ жоқары билимлендириў системасындағы тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилисинде атап өткен төрт тийкарғы ӯазыйпалардыӊ бири студентлердиӊ өндирис пенен узликсизлигин тәмийинлеў ҳәм студенттиң өз үстинде ислеўи ушын орталық жаратыў мәселесин үлкен ӯазыйпа етип қойды.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ физика факультетинде студентлердиӊ теориялық билимлерин тереӊлестириӯ мақсетинде тармақ кәрханалары менен бирге ислесиў жумысларын және де күшейтиӯ бағдарында жаӊа ӯазыйпалар белгилеп алған.  Ири өндирис орынларыныӊ жумыс процеси менен танысыӯ студент ушын шексиз қолайлық. Олардыӊ қәнигелик бағдарында ийелеп атырған билимин нығайтыӯ менен бирге ертеӊги күни бәнтлик мәселесинде де унамлы бурылыс болады.  

Физика факультетиниӊ деканы Абат Муратовтыӊ башылығында Элекрт энергетикасы, Электр техникасы ҳәм Энергетика қәнигелиги бағдарында оқып атырған 1,-2-, ҳәм 3-курслар студентлери «Нукусэлектроаппарат» кәрханасына барды. Студент жасларға «Нукусэлектроаппарат» кәрханасы директорыныӊ ислеп шығарыӯ бойынша орынбасары Жасур Жабборов кәрхананыӊ жумыс ислеӯ процеси, жаӊа заманагөй электротехникалар  ҳәм басқа да керекли мағлыӯматлар бойынша кеӊ түсиник берип өтти.

-Бул кәрханада бүгинги күнде Қарақалпақ мәмлекетлик университетин питкерип, ислеп атырған қәбилетли жасларымыз бар.

Кәрхана инженерлери Узақбаев Жахангир, Матназаров Қуӯаныш, Исаков Наурыз, электр монтажлаӯшысы Жалиева Магрипалар өз кәсибиниӊ маманы. Бүгинги студентлеримиз де танысыӯ барысында қәнигелеримизден жақсы түсиник алып, олардыӊ қызығыӯшылығы артса, ертеӊимиз ушын болажақ қәниге десек болады  – дейди «Ўзэлтехсаноат» бирлеспеси баслығыныӊ жаслар мәселелери бойынша орынбасары Намоз Толипов.

-Ҳақыйқатында студент жасларымыздыӊ усындай ири кәрхана орынлары менен танысыӯы жақсы имканият болады екен, бизиӊ менен сәӯбетлескен студентимиз өзиниӊ тәсирли пикирлери менен ортақласқанда айқын сезилди, деди медиатур қатнасыӯшысы болған «Еркин Қарақалпақстан» газетасыныӊ журналисти Зоя Ерекеева.

Ертеӊги күни жоқары оқыӯ орнын питкерип таяр қәниге болып өндириске араласыӯда усындай илим менен өндирис тармақлардыӊ бирлиги унамлы нәтийже болып хызмет етеди.

 

Гүлжәҳән ТАЖЕТДИЙНОВА.

ҚМУ Баспасөз хаткери.

 

 

 

Пайдалы дереклер