slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
ҚМУдың «Зийрек студентлердиң илим изертлеў жумысларын шөлкемлестириў» бөлими инженери «Дуэль»де ҳақыйқый жеӊимпаз болды | | Karakalpak state university

ҚМУдың «Зийрек студентлердиң илим изертлеў жумысларын шөлкемлестириў» бөлими инженери «Дуэль»де ҳақыйқый жеӊимпаз болды

Убайханова Миуагуль ҚМУдың «Зийрек студентлердиң илим изертлеў жумысларын шөлкемлестириў» бөлими инженери «Yosh ijodkorlar kengashi» ҳәм Жаслар ислери агентлиги менен биргеликти өткерилген «Дуэль» жарысында Қарақалпақстан басқышында сыйлы 1-орынды алды.

Таңлаӯ шәртлери дәслеп аймақлық басқышы болып, онда қатнасыӯшылардың усы күнге шекем аўдарма ислеген мийнетлери сыннан өтти ҳәм сараланып қалалық басқышқа өткерилди. Қалалық басқышта болса шығармадан үзинди аўдармалаў тапсырмасы белгиленди. Ал финал басқышта шет тилинде өмирбаянын айтып бериў, келешектеги арзыўлар ҳаққында айтып бериў ҳәм өзи аўдарма ислеген ең жақсы шығарманы аўдарма ислеў тапсырылды.

-«Дуэль» жарысы ҳақыйқатында да атына ылайық жарыс болды. Финал оғада қызық ҳәм бәсекили түрде өтти,-дейди жеӊимпаз қыз. Миуагулди үлкен табыслары менен қызғын қутлықлаймыз.

 

ҚМУ Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер