slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Профессионал тәлим системасын жетилистириўге өз үлесимизди қосамыз | | Karakalpak state university

Профессионал тәлим системасын жетилистириўге өз үлесимизди қосамыз

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш Мирзиёевтиң 2019-жыл, 6-сентябрдеги «Профессионал тәлим системасын жетилистириўге қаратылған қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы ПФ-5812-санлы Пәрманында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде Экономика факультети «Бухгалтериялық есап ҳәм аудит» кафедрасына Әмӯдәрья районы «Инжинерлик» техникумы, Қараөзек агроэкономика техникумы ҳәм Қоңырат санаат техникумы бириктирилген.

Факультеттиң профессор-оқытыўшылары Қ.Бекбосынов, Б.Мырзанов, Т.Нурымбетов, Х.Қәлимбетовлар бирге ислесиўди беккемлеў, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди таярлаўды жолға қойыў, техникумлардың зийрек оқыўшылары менен бирге ислесиў, оқыўшылардың илимге, пәнге қызығыўшылығын оятыў, педагог хызметкерлери менен биргеликте сабақлық, оқыў-қолланба ҳәмде методикалық қолланбалар шығарыўды жолға қойыў ҳәм Пәрманда белгиленген  басқа да мәселерди әмелге асырыў ушын техникумларда ушырасыў өткерип қайтты.

Жоқары оқыӯ орынларыныӊ бундай бирге ислесиӯи техникумларда билим берип атырған оқытыӯшылар ушын жақсы бағдар болыӯы менен бирге оқыӯшылардыӊ жаӊа билим ийелеӯи ушын да әҳмийетке ийе.

 

 

Экономика факультети деканы орынбасары Қаржаўбай Нурманов

 

 

 

Пайдалы дереклер