Таӊлаӯға жоқары интеллектуал қәбилетке ийе студент жаслар инновациялық жойбарлары менен қатнасты | | Karakalpak state university

Таӊлаӯға жоқары интеллектуал қәбилетке ийе студент жаслар инновациялық жойбарлары менен қатнасты

 Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Ахмед Реймовтыӊ басшылығында студентлер ҳәм магистрант жаслардың инновациялық дөретиўшилик қәбилетин жүзеге шығарыў,  интеллектуаллық дәрежесин раўажландырыў, оларды қоллап-қуўатлаў, излениўшилик шеберликлерин асырыў бағдарында бир қатар басламалар жақсы жолға қойылған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл, 7-майдағы “Экономика тармақлары ҳәм тараўларына инновацияларды енгизиў механизмлерин жетилистириў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы 3698-санлы ҳәмде 2019-жыл 30-августтағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Жасларды илим-пән тараўына тартыў ҳәм олардыӊ басламаларын қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 4433-санлы қарарларына тийкар усы жылдыӊ 12-июль күни  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде студентлер ҳәм магистрантлар арасында студент жаслардың инновациялық дөретиўшилик қәбилетин жүзеге шығарыў,  интеллектуаллық дәрежесин раўажландырыў, оларды қоллап-қуўатлаў, излениўшилик шеберликлерин асырыў мақсетинде «Еӊ жақсы инновациялық жойбар» таӊлаўы өткерилди.

Таӊлаўға университеттиӊ  қәбилетли студентлери жеке өзи, сондай-ақ, топары менен биргеликте инновациялық жойбарлары менен қатнасты.

Таӊлаў шәртлерине көре, жеӊимпазлар университеттиӊ “Инновациялық фонды” қәрежетлери есабынан ақшалай сыйлықланады.

Таӊлаў жеӊимпазларыныӊ жойбарлары Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен өткерилетуғын Республикалық таӊлаўларға жибериледи.

Таӊлаўға университеттиӊ зийрек, жоқары интеллектуал қәбилетке ийе студент жаслар белсене қатнасты.

Таӊлаӯ жуӯмағынан соӊ жеӊимпазлар ҳаққында толық мағлыӯмат бериледи.

 

ҚМУ Баспасөз хызмети

 

 

 

Пайдалы дереклер