slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
«Темир дәптер»ге киргизилген шаӊарақлардыӊ мәмлекетлик ЖООларында оқып атырған перзентлерине биринши оқыӯ жылы ушын төлеӯ-контракт төлеп бериледи | | Karakalpak state university

«Темир дәптер»ге киргизилген шаӊарақлардыӊ мәмлекетлик ЖООларында оқып атырған перзентлерине биринши оқыӯ жылы ушын төлеӯ-контракт төлеп бериледи

«Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуӯатлаӯ ҳәм олардыӊ социаллық искерлигин және де асырыӯға қаратылған қосымша ис–илажлар ҳаққында»ғы Президент пәрманы (ПП-6260-санлы, 13.07.2021-ж) қабыл етилди.

 

«Темир дәптер»ге киргизилген шаӊарақлардыӊ мәмлекетлик ЖООларында билим алып атырған перзентлерине 2021/2022-оқыӯ жылында биринши оқыӯ жылы ушын төлеӯ-контракттыӊ толық суммасы қаплап бериледи.

 

2021-жыл 1-сентябрден республикадағы ЖООда төлеӯ-контракт тийкарында оқып атырған студентлер ушын Орайлық банктиӊ тийкарғы пайыз ставкасы муғдарында ҳәм оқыӯ мүддети жуӯмақланғаннан кейин жетинши айдан баслап 7 жыл мүддетте қайтарыӯ  шәртлери тийкарында тәлим кредитлери бериледи.

 

Мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлеринде ислеп атырған белгили халықаралық рейтинг шөлкемлериниӊ жоқары 500 лик дизимине киргизилген сырт ел ЖООларын тамамлаған яки оларда илимий дәреже (PhD ҳәм оған теӊлестирилген басқа илимий дәреже) алған жас қәнигелердиӊ лаӯазым ис ҳақысына қосымша үстемелер төлеп барыӯ тәртиби енгизилди.

 

ҚМУ Баспасөз хызмети

 

Пайдалы дереклер