slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
«ImkonLab» жойбарының финал басқышы болып ѳтти | | Karakalpak state university

«ImkonLab» жойбарының финал басқышы болып ѳтти

Жақында Мойнақ районында «Future Muynak» орайындағы  «Book cafe»де «ImkonLab» жойбарына старт берилген еди.

Кеше усы жойбардың финал басқышы болып ѳтти. Онда мойнақлы жаслар социаллық инновациялар ҳәм социаллық исбилерменликке бағдарланған жойбарлары менен қатнасты.

Жойбардың әҳмийетли тәрепи жаслар жаңа кәсиплик кѳнликпелерди ийелеп, шаңарағы (дослары, қоңсылары,)ның күнделикли турмысында жүз берип атырған машқалаларды шешиў, соның менен бирге, идеяларды моделлестириў, раўажландырыў ҳәм әмелге асырыў, сондай-ақ, ѳз идеяларын әмелге асырыў ушын 1000 доллар утып алыў имканиятын береди.

Илажға 16-25 жас аралығындағы жәми 30 жастан 9 топар дузилип, олар   ѳз жойбарлары менен қатнасты.

12-22-сентябрь күнлери 4 күн даўамында шѳлкемлестирилген тренингте жойбарлар толық ислеп шығылып, қатнасыўшы топарлардың билим ҳәм кѳнликпелери беккемленди.

Юнисеф ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Президенти жанындағы халықаралық инновациялық орайы менен биргеликте ѳткерилген  илажлға Мойнақ районы ҳәкими орынбасары Б.Менлибеков қатнасты ҳәм жаслар алдында жойбардың мақсети және әҳмийети ҳаққында шығып сойледи.

  Нәтийжеде «Рейн», «Эксклюзив», «А», «Н2О», «Тулпар» топарларының жойбарлары төрешилер қурамы тәрепинен жоқары баҳаланып, жеңимпаз деп табылды. Бул топарлар ислеп шыққан жойбарларын әмелге асырыуда 1000 доллар менен қаржыландырылады.Усы топарлар қурамында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң химия-технология бағдары 1-курс магистранты Оспанов Темурдиң «Эксклюзив», усы университетиң тарийх бағдары 4-курс студенти Мустафаев Аманжолдың «А» хәм усы факультетиң 3-курс студенти Қалбаев  Қуўанышбайлардың «Рейн»,  топарлары қатнасып сыйлы орынларды алыўға еристи.

Пайдалы дереклер