⚡️ УНИВЕРСИТЕТКЕ  ИЛИМИЙ ЛАБОРАТОРИЯ ҮСКЕНЕЛЕРИ ОРНАТЫЛМАҚТА | | Karakalpak state university

⚡️ УНИВЕРСИТЕТКЕ  ИЛИМИЙ ЛАБОРАТОРИЯ ҮСКЕНЕЛЕРИ ОРНАТЫЛМАҚТА

Бәршемизге белгили кейинги жылларда илим, билимлендириў ҳәмде инновациялық искерлик салаларына мәмлекетлик әҳмийеттеги тараўлар сыпатында айрықша итибар қаратылмақта.

Солар қатарында, илимий изертлеў жумысы нәтийжелилигин еледе асырыў, изертлеў жумысларын туўрыдан-туўры өндириске қаратыў, сол арқалы сапалы илимий жумыслар көлемин еледе асырыў бүгинги күндеги әҳмийетли ўазыйпалардан бири есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтыӊ 2020-жыл, 2-октябрь күни Қарақалпакстан Республикасына сапары даўамында ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезексиз сегизинши сессиясында берилген тапсырмалар ҳәм кеңейттирилген тәризде өткерилген 73-санлы мәжилис баянламасы 87-пунктинде белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде бүгинги күнге келип Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Химиялық технология» илимий-изертлеў лабораториясы кластерин шөлкемлестириўге қаратылған бир қатар ис-иләжлар әмелге асырылмақта.

Солар қатарында, университеттиң Санаат технологиясы факультетинде жоқарыда аты атап өтилген кластердиң бир бөлими есапланған «Тоқымашылық өнимлери ҳәм үскенелери лабораториясы» ушын жәми 1 млрд. 227 млн. 360 мың 800 сўм ажыратылған болып, улыўма 18 түрдеги лабораториялық үскенелер биржа саўдалары арқалы таңлап алынған еди.

Сол тийкарда, 2021-жыл 18-ноябрь күни университетке усы биржа саўдалары арқалы утып алынған 158 млн. 400 мың сўмлық «Автоматическая Плосковязальная машина модель SSK-48-132S» үскенеси алып келинди ҳәм бул үскенелер факультетке орнатылып, олардан дәслепки үлгилер алынды.

Келешекте бул үскенелер жәрдеминде жаңа тоқымашылық өнимлери түрлерин жаратыў ҳәмде бул бағдарда жоқары нәтийжеге ерисиўге қаратылған сапалы илимий жумыслар алып барылыўы режелестирилмекте.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Баспасөз хызмети

 

 

 

Пайдалы дереклер