slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Мақсетлерим өзим менен бирге улғайып бара берди | | Karakalpak state university

Мақсетлерим өзим менен бирге улғайып бара берди

Алдымызға қойған уллы мақсетлеримиздиӊ әмелге асыўында Университетимиз үлкен тийкар бола алады деген пикирим ҳеш қандай таллаӯ талап етпейди. Буны усы жерде билим алып атырған жаслар жақсы сезеди, әлбетте.

 Хәр бир инсанниң өмири оның алдына қойған мақсетлери менен гөззал хәм мазмунлы деп ойлайман. Себеби, инсан өз алдына мақсет қойса, сол мақсетке қарай талпынып, излениўден тоқтамайды.

      Мен де кишкенелигимнен инглис тилине жүдә қызығаман хәм өз алдыма көп мақсет қойғанман. Мениң бәрше мақсетлерим өзим менен бирге улғайып бара берди.

Мен Нөкис қаласындағы 11-санлы мектепте жақсы бахаларға оқыдым, 6-классымнан баслап сол ӯақыттағы «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети ағзасы, соңынан мектеп сәрдары болып, «Жеткиншек» газетасына мақалалар ҳәм қосықлар жазып, жыллар даўамында инглис тили пәнинен олимпиадаларға қатнасып, жәмийетлик жумысларда белсене болып, мектебимди 2 қызыл диплом хәм алтын медал менен тамамладым. Әлбетте, усы дәрежеге ерисиӯим өзимниң талапшаңлығым, устазларымның, ең баслысы ата-анамның қоллап- қуўатлаўы арқасында.

     Мениң ең үлкен мақсетим 4-классымнан баслап қызығып үйренип атырған инглис тили бағдары бойынша Жоқары оқыӯ орнына кириў еди. Әлбетте, көп жыллык излениўлерим, тоқтамастан мийнет еткенлерим арқасында, абитуриент болып биринши ҳүжжет тапсырған жылымнан-ақ бир емес, бес Жоқары оқыў орнына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилдим. Өз таӊлаӯым бойынша ҳәзирде Бердақ атындағы Қарақалапақ мәмлекетлик университетиниң шет тиллери факультети инглис тили ҳәм әдебияты бағдарында тәлим алмақтаман.

      Университетке келген биринши күнимдеги қуўанышымды сөз бенен тәрийплеп бере алмайман. Себеби, Университет мен ойлағаннан да әжайып дәргай екен. Университетимизде студентлер ушын бәрше қолайлықлар жаратылған. Биз студентлерге тәлим берип атырған устазларымыз сабақларды ең соңғы технологиялар жәрдеминде өтип, билимимизди еледе асырып атыр. Университетимиздеги информатика-технология кабинетлери ең соңғы модельдеги компьютерлар менен тәминленген, ал ҳәр бир оқыӯ имаратына Интернет тармақлары тартылған. Университет китапханасында болса 10 мыңнан аслам китаплар хәм олардың электрон вариантлары бар болып, студентлер ушын тек ғана китапларды емес, ал профессор оқытыўшылардың жақлаған докторлық диссертация жумысларын да оқып көриў имканияты бар. Оннан тыскары, мен оқып атырған шет тиллери факультети бинасында да, шет ел жазыўшыларының дүньяға белгили болған шығармалары, китаплары орын алған әжайып китапхана бар. Ең баслысы, дүнья стандартына жуўап беретуғын, билим сапасы жоқары болған тәлим сабақларын, қәнийгели устазларымыз қунт пенен үйретип келмекте.  

      Факультетимизде студентлердиң бос ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде шет тиллери курслары, спорт дөгереклери, студент қызларымыз ушын тигиӯ-пишиӯ, кондитер өнимлерин писириӯ, кестешилик дөгереклери ислеп тур.

Ең әхмийетлиси уллы бабамыз Бердақ Ғарғабай улы өмири ҳәм дөретиўшилиги тарийхый сәўлеленген Бердақ атындағы Қарақалапақ мәмлекетлик музейы бар. Топарымыз тьюторы Замира Пердебаевна менен биргеликте бос ўақтымызда музейге барып турамыз.

      Бири -биринен зийрек хәм шаққан, билимге талпынған жаслар менен бирге тәлим алып, пикир алмасып, билимимизди еледе байытып атырмыз. Ҳүрметли Президентимиз биз жаслар ушын жаратып атырған бәрше имканиятлардан толық хәм үнемли пайдаланып, өзимиздеги бар билим ҳәм көнликпелеримиз, қызығыўшылығымыз бенен бирлесип Жаңа Өзбекстанды бирге жаратамыз. Биз жаслардың алдымызға қойған уллы мақсетлеримиз әмелге асыўында Университетимиз үлкен тийкар бола алады деп, әлбетте исенемен.

 

 

Шет тиллери факультети

Инглис тили хәм әдебияты бағдары 1-курс студенты

Турсынбаева Дилбар Ихтияр қызы

Пайдалы дереклер