slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
«Жаслар арасындағы нәшебентлик затлардың тарқалыўына қарсы гүресиў» атамасында профилактика айлығы шеӊбериндеги ушырасыў | | Karakalpak state university

«Жаслар арасындағы нәшебентлик затлардың тарқалыўына қарсы гүресиў» атамасында профилактика айлығы шеӊбериндеги ушырасыў

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Жаслар арасындағы нәшебентлик затлардың тарқалыўына қарсы гүресиў» атамасында профилактика айлығы тийкарында ушырасыў болып өтти.

Мәжилисти Қарақалпақ мәмлекетлик университети Жаслар  мәселелери ҳәм  руўхый-ағартыўшылық ислери  бойынша проректор С.Алауатдинов ашты ҳәм алып барды.

С.Алауатдинов күн тәртибиндеги мәселе бойынша нәшебентликтиң аўыр ақыбетлери, сондай-ақ, республикамыз аймағында жинаятшылықтың алдын алыў мақсетинде алып барылып атырған ис-илажлары, республикамыз аймағында ҳәр жылы февраль айында өткерилетуғын профилактика нәтийжелери ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди.

 Соң Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жынаят қыдырыӯ  бас басқармасы бөлим баслығы А.Матлюбов, Қарақалпақстан Республикасы   Ишки ислер министрлиги жынаят қыдырыӯ басқармасы хызметкери Ф.Азгаров, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жынаят қыдырыӯ басқармасы хызметкери У.Исмоилов, Қарақалпақстан Республикасы Наркология диспансери шыпакери Р.Атаназаров, Нөкис қаласы Аллахберди Азиз Жоме мешити имамы  А.Хожасов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы АИЖСға қарсы гүресиў орайы шыпакери А.Жәнибековалар сөзге шығып жаслар арасында нәшебентликтиң алдын алыў ҳам оған қарсы гүресиў ҳәм де АИЖС кесселлигиниң аўыр ақыбетлери бойынша жүргизилип атырған үгит-нәсият ислерине тоқтап өтти. Сондай-ақ, айрым жасларымыздың наркотик затлар менен байланыслы жынятларды ислеўи ҳәм нәшебентлик жолына кирип баратырғанлығы ҳакқында тоқталып, жоқарыда келтирип өтилген унамсыз иллетлерге қарсы бәрше жаслар менен биргеликте гүресиў кереклиги айтып өтилди.

Ушырасыў жуўмағында университет тьюторлары ҳәм де ZOOM платформасы арқалы қатнасқан 188 студент жас өзлериниң қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўаплар алды.

        

Пайдалы дереклер