slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Абатлық – кеўилден басланады! | | Karakalpak state university

Абатлық – кеўилден басланады!

 

 Алыс кетсем туўған елден, сағынып,

Шық-шықлаған секундлар әсир маған,

Азаматлар бүгин бәри жабылып,

Ел мәпи деп жүреклери жарылып,

Бел буўып, жәўлан урар «Жасыл мәкан».

                              А.Дарменов

Группаласларынан бир саат алдын келип, бел, кетпен, жайыўша ҳәм радиосы менен қуралланып келген Батыр ҳәп заматта еки атызды жабайы шөплерден тазалады. Басын бир көтерместен шөплерди тамыры менен қуртайын деген мақсети көзди ашып -жумғанша орынланды. Арыслан келбет, кем сөзли, исми тәнине сай бул қарапәрең баланың шын ықласы менен ислегенине ишлей ырза боласаң.

«-Кел, қалтаңның бир жағын көтерисейин» деген досларына «-Яғай, өзим еплеймен!»,-деп бир қушақ шөпти көтере салды. (Үсти басым шаң болады, бир көринип қайтсам болды ғо, деген ойлар Батырдан жырақ!).

-«Өзим көп қабатлы үйлерде тураман. Дийханшылық еткенди, ҳәмме жерди таза, азада етип, тереклер отырғызып, бағ етиўди әрманлайман.Университет-мениң екинши үйим,оның әтирапының тазалығына, гүзде тиккен нәллеримниң нәрўан тереклер болып өсиўине мен де жуўапкермен!»-дейди  Шет тиллери факультети, гид жолдаслығы қәнигелиги студенти Батыр Әлимбетов.

Ҳәр бир жас әўлад күн қаҳарманына айланған Батырдай мийнеткеш, ўатансүйгиш болса, Қарақалпақстанның шор басқан, шөп аралаған жерлери бағ болып, Ўатанымыз ҳақыйқый жасыл, жәннет мәканға айланыўына исенемиз!

 

Шет тиллери факультети тьюторы

              Рамиза Пирназарова

Пайдалы дереклер