https://stok.bte.co.id/pg/ https://coverage.bte.co.id/public/play/ https://lapor.bte.co.id/rungkat/ https://itj.jakartamrt.co.id/data/ https://dev.idcomm.id/wp-includes/IXR/slot-gacor/
Студентлер менен ашықтан-ашық пикирлесиӯ | | Karakalpak state university

Студентлер менен ашықтан-ашық пикирлесиӯ

Бүгин, 21-февраль күни Жоқары ҳәм орта арнаӯлы билимлендириӯ министри A.Тошқулов Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары билимлендириӯ оқыӯ орынларынан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис педагогика институты студент-жаслары менен ашық сәӯбетлесиӯ алып барды.

Ҳақыйқый түрде ашықтан-ашық пикирлесиӯ формасында өткерилген ушырасыӯ жоқары билимлендириӯ системасында билим бериӯ сапасын жоқарылатыӯ, студентлерге ҳәр тәреплеме шараятлар жаратыӯ, олардыӊ машқалаларын еле де тереӊирек үйрениӯ мәселелери әтирапында даӯам етти.

Ушырасыӯдыӊ өзгеше форматда өтиӯин мақсет еткен министр студентлер менен жеке өзи қалып, олардыӊ усыныс-пикирлерин тыӊлады.

«Министр менен ушырасып, турмысыӊызда унамлы бурылыс болыӯы керек,»,-деди А.Тошқулов. Сондай-ақ, пикирлесиӯ даӯамында студентлерден ҳәр қандай шаблонға қурылған мақтаӯлардан қашып, еркин пикир билдириӯин ҳәм де бүгинги күнде студентлерди қыйнап атырған сораӯларды үйренип шығып толық жуӯап бериӯге ҳәрекет ететуғынлығын билдирип өтти.

Министр A.Тошқулов  студент жаслар менен болған ушырасыӯды ашық-айдынлық формасында өткериӯди мақсет еткенликтен, бул ушырасыӯда оқыӯ орынларыныӊ басшылары ҳәм оқытыӯшы-устазлары қатнастырылмай, тек студент жаслардыӊ өзлери менен пикир алысыӯ болды.

Студент жаслар министр менен болған ушырасыӯда бир қатар пикир-усынысларын билдирди. Атап айтқанда, бүгинги күнде айырым қәнигеликлер бойынша оқыӯ сабақлықларыныӊ жетиспеӯшилиги, республика, халықаралық ЖООлары менен студентлер алмасыӯларын көбейтиӯ, шет тиллерин үйрениӯ ҳәм жергиликли талаплардан келип шығып  Қарақалпақстан тарийхы пәни саатлар көлемин көбейтиӯ ҳәм басқа да бир қатар усынысларын билдирип өтти.

 

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер