https://stok.bte.co.id/pg/ https://coverage.bte.co.id/public/play/ https://lapor.bte.co.id/rungkat/ https://itj.jakartamrt.co.id/data/ https://dev.idcomm.id/wp-includes/IXR/slot-gacor/
«Студентлер турар үйи- өз үйим» ураны астында ҳәптелик  ис-илажлар шөлкемлестирилди | | Karakalpak state university

«Студентлер турар үйи- өз үйим» ураны астында ҳәптелик  ис-илажлар шөлкемлестирилди

Студентлер  турар үйи  бул – студентлердиң екинши үйи есапланады. Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Студентлер турар  үйинде 1400 ден аслам қызларымыз жасайды. Студент қызларымызға  бул жерде оғада   қолайлы шараятлар , кең имканиятлар жаратылған.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети  Ҳаял- қызлар кеңеси баслығы И.Сейтназарованың басшылығында  факультетлердеги  Ҳаял- қызлар мәселелери бойынша  декан мәсләҳәтшилери менен бирликте   Студентлер турар үйинде жасап атырған  қызлардың жасаў шараятларын үйрениў , олардың жай- жағдайлары менен  жақыннан танысыў, оларда  бар болған  машқалаларды тек ғана үйренип қоймастан, унамлы шешим табыўына көмеклесиў  мақсетинде ҳәр бир факультетте кесте тийкарында    «Студентлер турар үйи- өз үйим» ураны астында ҳәптелик  ис- илажлар шөлкемлестирди.

Ҳәптелик даўамында факультет ҳаял- қызлар мәселелери бойынша декан мәсләҳәтшилери  өзлериниң факультетлериндеги СТЖда жасап атырған ҳәр бир студент қыздың жасаў жағдайы менен жақыннан танысып, оларға СТЖның ишки тәртип –нызам қағыйдалары, тазалық , жеке гигиена мәселелери бойынша  мәсләҳәтлер менен бериў менен бирге бул жерде студент қызлардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм бәнт болыўын тәмийинлеў ушын  ислеп турған клублар, дөгереклердиң де турмысы менен кеңнен таныстырды.

Соның менен бирге Ҳаял- қызлар кеңеси жанындағы  шөлкемлестирилген «Қызларжан» клубы  ,  «Шебер қоллар», «Аспазлық сырлары», «Миллий кестешилик» дөгереклеринде қызлардың қызығыўшылығынан келип шығып  «Шеберлик сабақлары», (мастер класс)  өтилди.

Университет ҳаял- қызлар Кеңеси баслығы  ҳәм декан мәсләҳәтшилери тәрепинен СТЖда жасап атырған студент қызларды усы клуб ҳәм дөгерекелерге еле де кеңирек қамтып алыў , оларды белгили бир өнерге, кәсипке бағдарлаў ҳәм де қәбилетин раўажландыў , имканиятларын кеңейтиў бағдарында ҳәм студент- қызлардың пикир-усыныслары  бойынша жаңадан  клуб ҳәм дөгереклер шөлкемлестириў мәселелери бойынша да  сәўбетлесиўлер алып барылып, жол карталар, ис- режелер дүзип алынды.

 Инжайым Сейтназарова

ҚМУ Ректорының Ҳаял-қызлар

мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси

Пайдалы дереклер