«Дәўир қызлары» таңлаўы өткерилди | | Karakalpak state university

«Дәўир қызлары» таңлаўы өткерилди

            Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетинде 23-февраль күни «Инсан мәплерин қорғаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы», 8-март халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен университет мәденият сарайында факультет студент қызларының арасында «Дәўир қызлары» атамасындағы таңлаўы болып өтти.

          Таңлаў 4 шәрттен ибарат болып онда «Қарақалпақ қызлары», «Тумар қызлар», «Тумарис», «Қырққыздың урпақлары» командалары өз -ара күш сынасты. Қуўнақ, зийрек, епшил, шебер ҳәм пазенде қызларымыздың таңлаў барысында көрсеткен талантларын әдил төрешилер қурамы баҳалап барды.

          Таңлаў жуўмағында «Қырққыздың урпақлары» командасы 106 балл менен 1-орынды, «Тумарис» командасы 99 балл менен 2-орынды, «Тумар қызлар» ҳәм «Қарақалпақ қызлары» командасы 96 балл менен 3-орынды жеңип алыўға мияссар болды. Қатнасыўшы қызларға қымбат баҳалы естелик саўғалары менен дипломлар тапсырылды.

 

 

Жаслар менен бирге ислесиў бойынша декан орынбасары З.Жуманов   

Пайдалы дереклер