Өзбекстан Жазыӯшылар аӯқамы баслығы: «Университетке үлкен жаңалықлар менен келдик» | | Karakalpak state university

Өзбекстан Жазыӯшылар аӯқамы баслығы: «Университетке үлкен жаңалықлар менен келдик»

Бүгин, 24-февраль күни университетке Өзбекстан Жазыӯшылар аӯқамы баслығы Сирожиддин Саййид басшылығында жазыӯшы-шайырлар келди.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң талантлы ҳәм зийрек студентлери ушын ҳақыйқый әдебият байрамына айланған ушырасыўды руўхый- ағартыўшылық ҳәм жаслар мәселелери бойынша проректоры С. Алаўатдинов алып барды.

«Бир ғана кеӯилге нур қуя алсақ бул да бир бахыт» деген қанатлы сөзлер менен басланған ушырасыӯ ҳәр бир жастыӊ кеӯлине бир әлем руӯхый азық бере алды. 

Өзбекстан Жазыӯшылар аӯқамы баслығы, Өзбекстан Халық шайры Сирожиддин Саййид сөзге шығып, Өзбекстан Жазыӯшылар аӯқамында бүгинги күндеги әҳмийетли  жаӊалықларды атап өтти:

«Қарақалпақ әдебияты дүрданалары» сериясында 16 томлық шығармаларын басып шығарыӯ режелестирилген.

Бул китаплардыӊ 5 томы Өзбекстан Жазыӯшылар аӯқамы тәрепинен баспаға таярланып, Жаӊа Өзбекстан баспасына тапсырылды.

1-том «Қырыққыз» эпосы өзбек тилине Рустам Мусурмон тәрепинен аӯдарылды ҳәм басып шығарылмақта.

2-том «Шәряр» ҳәм «Мәспатша» дәстанлары Муҳаммад Али тәрепинен өзбек тилине аӯдарылған ҳәм басып шығарылмақта.

3-том «Алпамыс» (аӯдармашы Гүлистан Матёқубова), «Едиге» ҳәм «Гүлистан» (аӯдармашы Ахмед Ақназаров) дәстанлары.

4-том «Карақалпақ халық қосықлары» китабын Очил Тоҳир аӯдарған ҳәм басып шығарылмақта.

5-том «Қарақалпақ халық ертеклери» китабын Назира Матёқубова аӯдарған ҳәм басып шығарылмақта.

 Жәми 16 томнан ибарат болған қарақалпақ әдебияты дүрданаларыныӊ қалған томлары да Өзбекстан Жазыӯшылар аӯкамында баспаға таярланбақта. Усы үлкен тарийхый-әдебий жойбарды әмелге асырыӯда Қарақалпақстан Жазыӯшылар аӯқамы жақыннан жәрдем бермекте.

Буннан тысқары 100 томлық «Түркий әдебият ғәзийнеси» шығармалар  топламында да қарақалпақ әдебиятына кеӊ орын берилген.

Бердақ, Күнхожа, Әжинияз, Аббаз Дабылов, Тилеӯберген Жумамуратов, Байнияз Қайыпназаров, Ибрайым Юсупов,Төлепберген Қайыпбергенов шығармалары, сондай-ақ, «Заманагөй қарақалпақ  поэзиясы», «Заманагөй қарақалпақ гүрриӊлери» китапларын басып шығарыӯ көзде тутылған.

Бул жылы Қарақалпақстан халық жазыӯшысы ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шарап Уснатдиновтыӊ 80 жыллығы кеӊ түрде нышанланады. Жазыӯшыныӊ «Ибрайым Юсупов» атлы үлкен көлемли роман-эссеси Рустам Мусурмон тәрепинен өзбек тилине аӯдарылып, баспаға таярланбақта.

Ушырасыӯда атап өтилген бундай әҳмийетли жаӊалық студент жасларымызды үлкен қуӯанышқа бөледи. Өзбекстан Жазыӯшылар аӯқамы баслығы және бир қуўанышлы хабарды көпшиликтиң нәзерине усынды; «Қарақалпақ мәмлекетлик университетине еки мың нусқа китап саўға етемиз».

 

Әдебиятқа жаны қумар жаслар менен болған ушырасыӯда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Халық жазыӯшысы, Қарақалпақстан Жазыӯшылар аӯқамы баслығы Кеӊесбай Каримов, Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурмон, Қарақалпақстан халық жазыӯшысы Алланазар Әбдиев, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, шайыр Бахтияр Генжемуратовлар сөз алып, қәлбинен қайнап шыққан сөз маржанлары ҳәм баҳалы пикирлери менен бөлисти. Студентлер менен пикир алысыӯ узақ даӯам етти.  

Пайдалы дереклер