slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Бес әҳмийетли басламаның екинши басламасы шеӊбериндеги спорт жарыслары | | Karakalpak state university

Бес әҳмийетли басламаның екинши басламасы шеӊбериндеги спорт жарыслары

Бес әҳмийетли басламаның екинши басламасы :»Жасларды физикалық шынықтырыў, олардың спорт тараўында қәбилетин жүзеге шығарыў ушын зәрүр шәраятлар жаратыўға бағдарланған». Бул бағдарда Шет тиллери факультетинде 1-марттан баслап спорт ойынлары жарысына старт берилген еди.

3-март күни стол тенниси бойынша ойын ер балалар ҳәм қыз балалар арасында өткерилди. Декан орынбасары Т.Кулниязов, тьюторлар Қ.Абдимуратов, Р.Пирназарова, Қ.Исмаиловлар жарысты шөлкемлестирип ҳәм бақлап барды.Жарыс жуўмағында
Ер балалар ортасында;
1-орын А.Даулетбаев 224- топар, 2-орын М.Қазақбаев 226-топар, 3-орынды Р.Асқаровлар ийелеген болса,
Қыз балалар арасында; 1-орын М.Камалова 225-топар, 2-орын Г.Жалғасова 103-топар, 3-орын 124-топар студенти Ф.Қурбанбаеваларға несип етти.

Қызғын беллесиўлерге бай болған стол тенниси ойыны ҳаққында студент жаслардың пикирлери менен бөлистик.
– «Быйыл мен ушын жүдә әўметли жыл болды, студент болыў бахтына миясар болдым, ноябрь айында Самарқанд қаласында өткерилген «Туризм ҳәм спорт кубогы»спорт жарысында 2-орынды алып қайтқан болсам, мине бүгин де теннистен 2-орынды қолға киргиздим. Билим алыў менен қатар, спорт ойынларына қатнасып, көп нәтийжелерге ерисиўимде устазларымның, әсиресе, қысқы дем алысымызды да мазмунлы өткериў ушын викториналар, интеллектуал ойынлар, спорт ойынларын шөлкемлестирген тьюторларымызға айрықша миннетдарман!»,-дейди 103-гид жолдаслығы топары студенти Гулжайна Жалғасова.

Биз студент жасларымыздың бүгинги нәтийжелери менен қутлықлап, ҳәр табысына шексиз қуўанышта екенлигимизди билдирип қаламыз.

Шет тиллери факультети тьюторлары
Р.Пирназарова
Қ.Абдимуратов

Пайдалы дереклер