https://stok.bte.co.id/pg/ https://coverage.bte.co.id/public/play/ https://lapor.bte.co.id/rungkat/ https://itj.jakartamrt.co.id/data/ https://dev.idcomm.id/wp-includes/IXR/slot-gacor/
«ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН -ЖАҢА ДӘЎИР ҚЫЗЛАРЫ» УРАНЫ АСТЫНДА «ДӘЎИР ҚЫЗЛАРЫ» ТАӉЛАЎЫ БОЛЫП ӨТТИ | | Karakalpak state university

«ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН -ЖАҢА ДӘЎИР ҚЫЗЛАРЫ» УРАНЫ АСТЫНДА «ДӘЎИР ҚЫЗЛАРЫ» ТАӉЛАЎЫ БОЛЫП ӨТТИ

8-март халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен университет көлеминде ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған «ДӘЎИР ҚЫЗЛАРЫ» атамасында студент-қызлар таңлаўы болып өтти.

Студент қызлардың оқыў ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилигин, арттырыўшы, оларда ана-Ўатанға садықлық, пидайылық сезимлерин еле де, раўажландырыў, шаңараққа, келешек турмысқа таярлаў, өзлери таңлаған қәнигеликлерине сүйиспеншилик ҳәм мақтаныш сезимлерин арттырыў, миллий үрп-әдет дәстүрлеримизди, әдеп-икрамлылық, ийбелилик сыяқлы пазыйлетлерин жетилистириўге қаратылған таңлаў, төрт шәрттен ибарат болды:
1. Сәлемнама. Бул шәртте қатнасыўшылар «Инсан қәдирин улуғлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»ның мазмуны ҳаққында қысқаша айтып, факультет турмысы, жетискенликлерин мақтаныш пенен тәрийиплеп бериўи, фото альбом, видео көринислер таярлап көрсетиўи ҳәм ҚМУ ҳаял-қызлар мәсләҳәт кеңеси жанында дүзилген дөгерек, клубларға ағза қәбилетли қызлардың қолларынан дөрелген затлардың көргизбеси болды.
2. Мәдениятлы кийиниў –әдеплилик белгиси. Шәрт бойынша тийкарынан қатнасыўшылар оқыў орынларында ҳәр мәўсимге сай кийиниў мәденияты ҳәм шаш түйдеги қандай болыў кереклиги ҳаққында басқа студентлерге сахнаға шығып музыкалы көргизбе етип көрсетип берди.
3. «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп…» музыкалық ҳәзил-дәлкек аралас сахналық көринис шәртинде болса студент-қызларымыз мәҳәллелерде, шаңарақта, студент қызлар турмысында ушырасатуғын түрли ўақыяларды ҳәм машқалаларды музыкалы ҳәзил-дәлкек түринде тамашагөйлер итибарына усынды.
4. Бәҳәр салатын таярлаў. (Сәрдарлар жарысы). Бәҳәр мәўсиминде инсан организими ушын оғада зәрүр витамин ҳәм минералларға бай көпшилик өнимлерди алып ислей алатуғындай, әсиресе көк шөплерден таза, санитариялық талапларға сай салат ислеп көрсетилди.


Таңлаўға университеттиң барлық (жәми 16) факультетлеринен белсенди, зийрек ҳәм шаққан қызлар қатнасты. Танлаў жеңимпазлары байрам мүнәсибети менен университет көлеминде өткерилетуғын концерт бағдарламасында салтанатлы рәўиште сыйлықланады.

ҚМУ Ҳаял қызлар мәсләҳәт кеңеси ағзасы Г. Қазақбаева

 

Пайдалы дереклер