https://stok.bte.co.id/pg/ https://coverage.bte.co.id/public/play/ https://lapor.bte.co.id/rungkat/ https://itj.jakartamrt.co.id/data/ https://dev.idcomm.id/wp-includes/IXR/slot-gacor/
⚡️ «Ҳаял-қызларды қәдирлеў- жақсылық ҳәм әдиллик өлшеми» | | Karakalpak state university

⚡️ «Ҳаял-қызларды қәдирлеў- жақсылық ҳәм әдиллик өлшеми»

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күнине бағышланған байрам илажы өзгеше руӯхта белгилеп өтилди.

 Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша Президентимиз  Шавкат Мирзиёевтың басшылығында өткерилген мәжилисте орынланыўы зәрүр болған ең әҳмийетли мәселелер ҳәр тәреплеме додаланған еди. Ҳақыйқатында да ҳаял қәдири улығланған бизиӊ елимизде буныӊ айқын мысалы турмысымызда өз сәӯлелениӯин таппақта.

Байрам мүнәсибети менен Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде шөлкемлестирилген байрам илажы бир кесе шай үстинде даӯам етти.

Байрам салтанатында университет ректоры А.Реймов қутлықлаў сѳзге шығып, ҳаял-қызларды гѳззаллық байрамы 8-март пенен қызғын қутлықлады ҳәм университет ҳаял-қызларыныӊ табыслары менен ислеп атырған пидайы мийнетлерин атап өтти:

-8-март Халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы қарсаңында және бир қуўанышлы хабар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 5-март күнги «Зулфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 2-курс студенти Мақсетова Зухрахон Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды. Әлбетте, бундай табыслар пүткил университетимиз жәмәәти ушын үлкен қуўаныш ҳәм мақтаныш болып табылады. Бул жетискенликлер әлбетте, устазларымыздың пидайы мийнети менен, тәлим-тәрбиясының жемиси деп билемиз.

Мәмлекетимиз Президенти ҳаял-қызларымыздың перзентлер тәрбиясындағы ролин жоқары баҳалап, тәлим-тәрбияда аналарымыз келбети үлги тымсалы екенлигин атап  өткен еди. Ҳақыйқатында да, сиз әзизлер, бүгин ҳәм ана ҳәм миллет тәрбияшысы болып, аӯыр жуӯапкершиликте мәрдана үлги тымсалы екениӊизди айтып өтиӯимиз орынлы.

«Ҳаял-қызларды қәдирлеў- жақсылық ҳәм әдиллик өлшеми» деген идея ҳақыйқатында да инсан қәдири ушын хызмет қылады,-деди университетимиз ректоры Президентимиз тәрепинен ҳаял-қызларды қоллап-қуӯатлаӯ ҳәм олардыӊ абройын жоқарылатыӯ бағдарында елимизде алып барылып атырған уллы басламаларды атап өтип.

Буннан соң университет «Нуранийлер кеңеси»ниң баслығы Б.Абдикамалов, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, шайыр Б.Генжемуратов сѳзге шығып, Ана уллылығының күш-қүдиретине, бүгинги ҳаял-қызларымыз ушын жаратылып атырған мүмкиншиликлерге тоқтап ѳтти. Шайыр Б.Генжемуратов   жаӊа қосықларынан оқып берди.

 

Байрам мүнәсибети менен билимлендириў тараўында кѳп жыллық жемисли мийнети ҳәм жас әўладты Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўдағы салмақлы мийнетлери ушын бир қатар университетимиз ҳаял-қызларына «Ҳүрмет жарлық» ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Салтанатлы байрамда университетт ислеп, ҳәзирги ўакытта ҳүрметли дем алыстағы нураний устазларға байрам саўғалары тапсырылды.

Аналарымызды ақыл-парасат, меҳрийбан, қызларымызды гѳззаллық ҳәм ийбелилик тымсалы деп улығлаған «Сен ҳәмийше муқаддессең, муқаддес ҳаял» атамасындағы байрам илажы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

                                                                                                                    ҚМУ Баспасѳз хызмети.

Пайдалы дереклер