slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Биология факультетинде «Қуслар – бәҳәр елшиси» атамасында илимий семинар болып ѳтти | | Karakalpak state university

Биология факультетинде «Қуслар – бәҳәр елшиси» атамасында илимий семинар болып ѳтти

 

     “1-апрель-Халық-аралық қуслар күни” мүнәсибети менен  Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ Биология  факультети, Өзбекстан қусларын қорғаў жәмийетиниң Қарақалпақстан филиалы ҳәм “Otus”-студентлер орнитологиялық клубы тәрепинен шөлкемлестирилген «Қуслар-бәҳәр елшиси» атамасындағы  илимий семинар болып өтти. Семинарға студент жаслар, профессор-оқытыўшылар, Қарақалпақстанныӊ қорғалатуғын тәбийий аймақларынан “Қубла Үстирт миллий тәбият бағы”, “Сайгачий комплекс буйыртпа қорықханасы” ҳәм “Судочье-Акпетки буйыртпа қорықханасы”ныӊ инспекторлары ҳәм илимий хызметкерлери, сондай ақ ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

      Семинарды Қарақалпақ мәмлекетлик университети Биология  факультети деканы, Өзбекстан қусларын қорғаў жәмийетиниң Қарақалпақстан филиалы баслығы, биология илимлери докторы Якуб Аметов ашып берди ҳәм басқарып барды. Оннан соӊ биология илимлери докторы, профессор Муратбай Жуманов ҳәм тарийх илимлери докторы, профессор Руза Баллиева сѳзге шықты.

 

 

          Якуб Аметов «Қуслар-бәҳәр елшиси» атамасында баянат қылып, онда “қуслар күни”ниӊ келип шығыў тарийхы, қуслардыӊ әҳмийети ҳәм оларды қорғаў мәселелери бойынша кеӊ түрде түсиник берди. Оннан соң “Қубла Үстирт миллий тәбият бағы”, “Сайгачий комплекс буйыртпа қорықханасы” ҳәм “Судочье-Акпетки буйыртпа қорықханасы”ныӊ илимий хызметкерлери “қорықхана аймағында тарқалған сийрек ҳәм жоғалып кетиў алдында турған қус түрлери” ҳаққында баянат жасады.

     Қарақалпақ мәмлекетлик университети Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы докторанты, «Otus-студентлер орнитологиялық клубы» баслығы, PhD Исламбек Арепбаев «Spring Alive» дәстүри ҳаққында таныстырып өтти. Биология қанигелиги 1-курс магистранты, «Otus-студентлер орнитологиялық клубы» ағзасы Элеонора Жангабаева «Сиз билесизбе?»… атамасында қуслар ҳаққында қызықлы мағлыўматларды берди.

 

      Буннан соӊ Биология  факультети студентлери арасында “2021-2022-жыл қусы” есапланған Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киритилген Қарақус Aquila nipalensis қусыныӊ сүўретин салыў бойынша таӊлаў болып ѳтти. Студентлер бир-биринен әжайып ҳәм мәнили суўретлерди салыў менен бирге бул қусқа дөнип турған қәўип-қәтерлер, оларды асырап-абайлаў ҳәм қорғаў машқалалары ҳаққында сѳйлеп берди. Таӊлаў жеңимпазлары  Биология  факультети тәрепинен таярланған саўғалар менен сыйлықланды. Илаж жүдә қызықлы ҳәм мазмунлы ѳтти.

     Республика масштабында өткерилген бул илаж үлкен әҳмийетке ийе болып, оның тийкарғы мақсети – халықтың тәбият ҳәм қуслар ҳаққында билимин асырыў, қуслардың жасаў орнын қорғаў,  пүткил дүньяда жабайы тәбиятты сақлап қалыў машқалаларына адамлардың дыққатын қаратыў ҳәмде қуслар мысалында тәбияттың пүткил биологиялық көптүрлилигин әўладларымызға жабайы ҳалында жеткерип бериў болып табылады.

 

 

Исламбек Арепбаев

Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы докторанты,

«Otus-студентлер орнитологиялық клубы» баслығы, PhD

         

Пайдалы дереклер