ХАБАРЛАНДЫРЫЎ ХАТЫ | | Karakalpak state university

ХАБАРЛАНДЫРЫЎ ХАТЫ

ХАБАРЛАНДЫРЫЎ ХАТЫ

 

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МИНИСТРЛИГИ

 

БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК

УНИВЕРСИТЕТИ

 

          Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 7-марттағы 101-F-санлы Бийлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириӯ министрлигиниӊ 2022-жыл 14-марттағы 97-санлы буйрығы тийкарында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Бақсы, жыраў ҳәм дәстан атқарыўшылық мектеплериниң раўажланыў тарийхы, теориялық ҳәм әмелий мәселелери» атлы Республикалық илимий-әмелий, теориялық конференция өткериледи.

Конференция ўақты: 2022-жыл 26-апрель күни саат 10:00.

 

1-секция. Бақсы, жыраўшылық мектеплериниң раўажланыў тарийхы

2-секция. Дәстан атқарыўшылық шеберлигиниӊ раўажланыўы

3-секция. Мəденият хәм көркем-өнер илиминде изертлеўди раўажландырыў ҳәм жетилистириўдиң актуаль мәселелери

 

Конференция  материалларын таярлаў ушын талаплар:

                   

Текст өзбек, қарақалпақ, қазақ, туркмен, рус ҳәм инглис тиллеринде Microsoft Wordтан пайдаланған ҳалда Times New Roman шрифтында, 14 пт өлшем, 1,5 интервал аралығында, төменнен ҳәм жоқарыдан 2,0 см, шептен 3,0 см, оңнан 1,5 см қалдырылған ҳалда жазылады. Барлық сноскалар тик скобка ишинде ҳәм тезисте бети көрсетиледи: [1.15].

Баян етилген мағлыўматлардың илимий-теориялық ҳәм методологиялық тәрептен тийкарланғанлығына автор жуўапкер.

Тезис үстинде ортадан қалың үлкен ҳәриплер менен тезистиң аты, кейинги қатарда кишкене ҳәриплер менен ортадан автордың аты, фамилиясы, илимий дәрежеси ҳәм лаўазымы, кейинги қатарда жумыс орны, қаласы ҳәм электрон почтасы көрсетиледи.

Бир автор биргеликте авторлықты қосқанда 3  мақаладан артығында қатнаса алмайды. Талапқа жуўап  бермейтуғын  тезислер конференция бағдарламасына ҳәм топламға киргизилмейтуғынлығын ҳәм авторларға қайтарылмайтуғынлығын билдиремиз.

Конференция материаллары 2022-жыл 23-апрелге шекем қабылланады.

 

Мәнзил: Қарақалпақстан Республикасы. Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси, № 1-жай.

Көркем-өнер факультети, Көркем-өнер кафедрасы

Конференция материалларын қабыллаў ушын жуўапкер:

Абатов Жалғас Тел: (+99893) 361-53-83

Пирназаров Саўбет Тел: (+99897) 540-92-00

 

 

Үлги

 

 
 

МУЗЫКА ТӘЛИМДЕ ИННОВАЦИЯЛЫҚ РЕФОРМАЛАР ҲӘМ КЕЛЕШЕГИ

 

А.Ережепов – үлкен оқытыўшы, Т.Даулетбаев – 2-курс студент,

Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Нөкис қаласы.

 

Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст [1, б.15-17].

Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст.

Текст.

Пайдаланылған әдебиятлар:

1. Ережепов.А.А. Бақсы ҳәм жыраўшылқ өнер тийкары. Монография. Нөкис: Билим, 2015. 196 б.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

КОНФЕРЕНЦИЯ ҚАТНАСЫЎШЫСЫ АНКЕТАСИ (талап етиледи)

 

Ф.И.Ш.:

 

Секция:

 

Тезистиң аты:

 

Жумыс орны ҳәм мәнзили:

 

Лаўазымы:

 

Илимий дәрежеси:

 

Жумыс орны телефоны ҳәм мобил телефоны:

 

E-mail:

 

 

 

 

Пайдалы дереклер