2022-жыл 25-июль күни саат 10:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы PhD. 03/30.12.2019.Tar.20.05 санлы Илимий кеңеси қасындағы 07.00.01 – Өзбекстан тарийхы қәнигелиги бойынша Илимий семинар мәжилиси университеттиң мәлимлеме-ресурс орайының 3-этажында өткериледи.
Мәжилисте Қарақалпақ мәмлекетлик университети излениўшиси Алламуратов Гулмурат Султамуратовичтиң «Қарақалпақстанның күнделикли турмысы тарийхы (1941-1945-жыллар)» деген темадағы 07.00.01 – Өзбекстан тарийхы қәнигелиги бойынша тарийх илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярлаған диссертациясының талқылаўы болып өтеди.